Фото

Пуқаралардың мүрәжәәтлары унамлы шешилмекте

28 Февраль, 2024 109

Диний шѳлкемлерде ҳәптениң ҳәр сәршемби күни пуқараларды қабыл етиў күни деп белгиленген. Усы мүнәсибет пенен республикамыздағы мешит имамларына бир қатар пуқараларымыз ѳзлериниң мүрәжәәтлери менен келмекте. Олардың мүрәжәәтлары диний, шаңарақлық ҳәм материаллық жәрдем мәселелеринде. Имам-хатиблер тәрепинен пуқаралардың мүрәжәәтлери жақсылап үйренилип, қолдан келгенинше әмелий ҳәм материаллық жәрдемлер берилмекте.

Мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың мүшкүлин аңсат етиў динимиз талапларынан бири. қала берсе бул саўап иәмеллер инсаныйлық пазийлетлерден.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер