Фото

Кеўил билдириў

15 Февраль, 2024 644

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты мийнет жәмәәти Хожели районы «Пирим ийшан» жоме мешити муаззини АРТЫҚБАЕВ БАХТИЯР АМИН улының қайтыс болыўы мүнәсибети менен терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Аллаҳ таала марҳумды рахметине алсын, жайын жәннеттен қылсын. Бул дүньяда еткен барлық саўап әмеллери ол дүньяда гүнаҳларына каппарат болсын. Артта қалған барлық жақынларына сабыр берсин.

Иннәә лилләәҳи ўә иннәә иләйҳи рожиъуун.

«Мүсийбет жеткенде «Әлбетте биз Аллаҳтикимиз ҳәм әлбетте, биз Оған қайтыўшымыз», деген сабырлыларға хош хабар бериң».

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер