Фото

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы ўәкиллери Тѳрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларындағы диний қәнигелер менен ушырасты

08 Февраль, 2024 93

Өзбекстан мусылманлары басқармасының жуўапкер ўәкиллери республикамызда хызмет сапарында болғаны ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик.

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов пенен биргеликте диний басқарма ўәкиллери Беруний районындағы «Султан ўәйис баба» зияратгаҳында исленип атырған жумысларды кѳрди. Күнниң екинши ярымында Елликқала районы ҳәкимияты мәжлислер залында Тѳрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларындағы диний қәнигелер менен ушырасты. Ушырасыўда Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары, Ташкент ислам институти ректоры М.Муҳаммадсиддиқов мәмлекетимиздеги бәрше тараўлар қатары диний тараўда да унамлы ѳзгерислердиң болғанлығы, мешитлер, диний билим бериў орынларының ашылыўы, Қарақалпақстанда да мешитлер санының кѳбейиўи, мешитлердеги қолайлықлар, сондай-ақ, имам-хатиб, имам-найып ҳәм отинайылар мәҳәллелерге бириктирилип, саламат турмыс тәрзин үгит-нәсиятлаў кереклиги ҳаққында айтты ҳәм қәнигелерге бир қатар ўазыйпаларды тапсырма етип берди.

Ушырасыў қатнасыўшылары тараўды раўажландырыўға тийисли усынысларды тыңлаў менен бирге, ѳзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўаплар алды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер