Фото

ДҮНЬЯЛЫҚ ҲӘМ ДИНИЙ ҚӘДРИЯТЛАРДЫҢ РУЎХЫЙ ТӘРБИЯДАҒЫ МУЎАПЫҚЛЫҒЫ

17 Декабрь, 2023 151

Диний ҳәм дүньялық қәдириятларда кеңпейиллик идеясына таянған Өзбекстанда түрлише диний исенимге ийе болған түрли миллет ўәкиллери биргеликте, бир жерде жасап, мийнет етип киятырған бир ўақытта “дүньялық” принципин туўры аңлаў, жәмийет, мәмлекет ҳәм динге сыйыныў арасындағы мүнәсибетлерде тең салмақлылықты сақлаў мәселеси жүдә жоқары.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўдың искерлигин түптен жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманына муўапық көп әсирлик миллий ҳәм диний қәдириятларымызды сақлаў, асыраў, дүнья илими ҳәм мәденияты раўажланыўына үлкен үлес қосқан бабаларымыздың бийбаҳа мийрасларын үйрениў, оның тийкарында жасларды кәмал инсан етип тәрбиялаў мақсетинде:

- “жаўызлыққа қарсы - ағартыўшылық” даңқлы идея тийкарында динниң тийкарғы инсаныйлық мәнисин, жақсылық, тынышлық ҳәм инсаныйлық сыяқлы пазийлетлер әзелий қәдириятларымыз аңлатпасы екенлигин кең жарытыў;

- ислам ҳәм жәҳән цивилизациясына бийбаҳа үлес қосқан бабаларымыздың бай мәдений мийрасларын терең үйрениў тийкарында жаслардың ойлаў қәбилетин қәлиплестириў;

- жәмийетте миллий ҳәм диний қәдириятларимызға жат болған идеяларға сабырсызлық орталығын қәлиплестириў;

- диний ҳәм дүньялық билимлер муўапықлығын раўажландырыў тийкарында тәлим сапасын асырыў тараўдың баслы бағдарлары ретинде белгиленди.[1]

Буннан тысқары, 2019-жыл 4-сентябрьдағы “Диний-ағартыўшылық тараўының искерлигин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент Қарарына муўапық келешек әўладты Ўатанға муҳаббат руўхында, илим-билимли, интеллектуаллық бәркәмал әўлад етип тәрбиялаў, оның диний ҳәм дүньялық кѳз-қарасларын раўажландырыў баслы ўазыйпа ретинде қойылған.[2]

Өзбекстан халқының 94 проценттен көбиси сыйынатуғын Ислам дининде де дүньялық ҳәм динийлик шегаралары белгиленбеген. Ислам тәлийматына көре, инсанлардың дини, жаны, келип шығыўы, ақылы ҳәм малына пайда келтиретуғын ҳәр қандай әмел диний тәрептен де мақулланған, саўаплы ис есапланады. Исламда дүньялыққа динге жат түсиник ретинде қаралмай, бәлки, дининиң муқәддес дәреклери - Қураны Кәрий ҳәм Ҳәдислерде де инсан бул дүньясы ушын да ҳәрекет етиўи кереклиги уқтырылады. Дүньялық ҳәм диний қәдириятлар инсанлар руўхыйлығының ажыралмайтуғын бөлеги есапланып, ортақ формасында инсанның ѳмирге, жәмийетке, жәмийет ағзаларына мүнәсибетин көрсетеди. Дүньялық қәдириятлар социаллық-психологиялық ҳәдийсе болып, ол миллеттиң мәденияты, тарийхы, тили, дини, үрп-әдети, дәстүрлерин, жәмийеттиң материаллық ҳәм руўхый байлықларын, экономикалық, социаллық-сиясий турмыстың барлық тәреплерин қамтып алса, диний қәдириятлар дыққат орайында инсан ҳәм инсаныйлық мәселеси тийкарғы орын тутады. Диний-дүньялық қәдириятлар муўапықлығында тәрбия тапқан шахс жәмийет, мәмлекет мәплерине хызмет етиўши жаңадан-жаңа инновциялық идея ҳәм технологияларды ойлап тапса, ең соңғы илим жетискенликлерин қолға киргизсе, ең әҳимийетлиси “жарылыў эффекти” ретинде дүньяға өз миллетиниң интеллектин жырласа нур үстине нур болады. Президент Шавкат Мирзиёев сѳзи менен айтқанда: «Халқымызды разы етсек, олардың аўырын жеңил қылсақ, олардың дәрти менен жасасақ, Жаратқан да бизден разы болады”.[3]

Руўхый тәрбия процесинде дүньялық ҳәм диний қәдириятларды муўапықластырыў жумысларын шөлкемлестириў тиккелей тәрбияның усыл ҳәм қураллары арқалы әмелге асырылады. Тәрбияның барлық бағдарларының бирлиги:

бириншиден, тәрбияның тийкарғы мақсети ҳәр тәреплеме раўажланған, бәркәмал шахсты қәлиплестириў;

екиншиден, барлық социаллық мүнәсибетлердиң комплекси болған, пүтин ҳәм бѳлек структуралық бөлимлерге ажыратып болмайтуғын инсанның бирден-бир социаллық мәниси;

үшиншиден, тәрбияның пүткил системасы ушын улыўма болған принциплердиң бирлиги менен байланыслы.

Әйне ўақытта, тәрбияның ҳәр бир бағдары салыстырмалы ғәрезсизликке ийе, ѳзине тән тәреплери бар ҳәм қурамалы системаны қурайды. Руўхый тәрбия әмелий искерликтиң “адамларға адамлар тәрепинен қайта ислеў”ге қаратылған салыстырмалы еркин айрықша түри. Оған тәрбиялық искерлигиниң ҳәр қандай бағдарында болғаны сыяқлы, бир қатар улыўма структуралық элементлер - тәрбия объекти; тәрбия субъекти; тәрбияның мазмуны (мақсети, идеялары, ўазыйпалары); тәрбия қураллары (руўхый ҳәм диний қәдириятлар); тәрбияның принциплери, усыл ҳәм формалары; руўхый тәрбияны басқарыў субъектлери - тән болып табылады. Усының менен бирге бул искерлик турмыстың түрли тараўларында, ҳәр түрлы социаллық институтлар жәрдеминде әмелге асырылады. Олардың комплекси руўхый тәрбия системасының шөлкемлестирилген тәрепин қурайды.

Барлық элементлер ортасындағы тәртипке салынған нызамлы байланыслар тәрбия мақсети тийкарында руўхый тәрбияның дүзилисин қурайды. Әйне дүзилиў себепли ҳәр бир элемент басқа барлық элементлер менен байланыслы болады, бул болса системаны қурайды.

Улыўма алғанда, руўхый тәрбия системасын тәрбия процесиниң үш қыры - оның мазмуны, методикалық ҳәм шөлкемлестирилген тәрепиниң ажыралмас бирлиги ретинде ойда сәўлелендириў мүмкин. Мазмун жағынан тәрбиялық процесс объектинде қандай өзгешелик ҳәм өзгешеликлерди қәлиплестириў кереклигин көрсетеди. Методикалық тәреп бул ўазыйпалар әмелде қандай орынланыўын көрсетеди ҳәм тәрбия процесинде, сиясий группаласқан ҳалда, арнаўлы бир шараятлар, тәрбия объектиниң қәсийетлеринен келип шығып қолланылатуғын қураллар, усыллар ҳәм сыртқы көринислерди аңлатады. Ақыр-ақыбетде шөлкемлестирилген тәреп ким тәрбиялап атырғанын көрсетеди, ҳәр бири турмыстың арнаўлы бир саласында руўхый тәрбияны әмелге асыратуғын ҳәм өзине жүклетилген арнаўлы функцияларды атқарған тийисли шөлкемлер әмелде болыўын талап етеди. Руўхый тәрбия оның барлық тәреплери өз-ара байланыслы ҳәм муўапық болған тәғдирде ғана нәтийжели болады. Солай етип, руўхый тәрбия системасы - ҳәр түрли социаллық институтлардың шөлкемлестирилген ҳәм мақсетке қаратылған искерлиги ҳәм де олар саналы түрде белгилейтуғын, шахста дүньялық ҳәм диний қәдириятларға унамлы мүнәсибеттиң қәлиплесиўин тәмийинлейтуғын инсанға тәсир көрсетиў принциплери, қураллары, форма ҳәм усылларының комплекси болып табылады.

Дүньялық ҳәм диний қәдириятлардың объектив критерясы бир. Ҳақыйқатлықтың қандай да бир ажыралған “аксиологилық өзгешеликлери” де, соның менен бирге, улыўма объектив шәрт-шәраятлардың бар екенлиги диний қәдириятлар ҳәм дүньялық қәдириятлар өз-ара байланысына ишки, ажыралмас өзгешелик бағышлайды. Мысалы, акисиологиялық баҳа инсан руўхый ҳәм физикалық мүмкиншиликлери, дөретиўшилик қәбилетлериниң баҳасы болып табылады. Сол себепли бундай баҳа социаллық өмирдиң ҳәр қандай тараўда, атап айтқанда тәрбия саласында да қолланылыўы мүмкин. Акисиологиялық баҳа зат ҳәм ҳәдийсени пүтин қамтып алған ҳалда өзиниң зәрүрли шәрти ретинде олардың дүньялық әҳмийетин анықлаўды талап етеди. Өз гезегинде, әдеп-икрамлылық диний қәдириятлар ретинде көриниўи ушын шәрт-шәраятқа ийе. Бул инсанның өмири ҳәм искерлигиниң барлық тараўларын өз тәсири менен қамтып алыўшы дүньялық қәдириятлар барлық орында ўақыялығы, соның менен бирге шахстың дүньялық қағыйдалары ҳәм көрсетпелерин өз турмыслық әмелиятында әмелге асырыўының тиккелей өзгешелиги менен байланыслы. Бул еки тараўдың ишки жақынлығы уллылық, төменлик, қаҳарманлық сыяқлы зат ямаса ҳәдийсе әйне ўақытта диний қәдириятлар ҳәм дүньялық қәдириятлар көз-қарасынан баҳаланатуғын түсиниклердиң мәнис тәрепинен бирлигинде өз кѳринисин табады. Бирақ социаллық өмир ҳәм диний қәдириятларда диний қәдириятлар ҳәм дүньялық қәдириятлар мүнәсибети көбинесе талай қурамалы ҳәм қарама-қарсылықлы тәризде аңлатылады. Буған, атап айтқанда, инсанлар ортасындағы мүнәсибетлерде мәнис ҳәм ҳәдийсе, мазмун ҳәм форманың уйқас келмеўи менен байланыслы ҳаллар киреди. Биз ол ямаса бул ҳәрекеттиң тәрбиялық әҳмийетин унамлы баҳалап гейде оның сыртқы көринисине итибар бермеймиз. Ямаса, инсанның хулқын әдеп қағыйдаларына әмел етилиўи көз-қарасынан баҳалап, бунда шахс раўажланыўының улыўма дәрежесине итибар етпеймиз.

Диний ҳәм дүньялық қәдириятлар гөззаллық ҳәм жақсылық муўапықлығын қәдирлеў көзқарасынан абстракт, шексиз процесс емес. Бәлки қәдирлеў нормаларына ийе болған анық социаллық тарийхый ҳәдийсе болып табылады. Диний ҳәм дүньялық қәдириятлар турмыс муўапықлығын қәдирлеўдиң ѳзине тән нормалары бар.

Дүньялық ҳәм диний қәдириятлар муўапықлығы ҳаққындағы пикирлерди профессор Тилаб Маҳмудтың: “Инсан руўхый әлеминиң пүтинлиги ҳәм пүткиллигине жетиў әйне бахыт болып табылады. Ыдыраў, бөлиниў-уныраў белгиси. Қай жерде уйқаслық ҳәм сәйкеслик болса, сол жерде исенимли раўажланыў ҳәм гөззал қулық гүллейди. Инсан қәлбиндеги есенкиреў, гүман руўхый тәртипсизликке алып келеди”,[4] деген сөзлер менен жуўмақлаймыз. Диний ҳәм дүньялық қәдириятлар муўапықлығындағы нормалардың айныўы диний ҳәм дүньялық қәдириятлардың қәдирсизлениўине, яғный адамлардың этикалық тәрептен пәсеңлеўге ушыраўына алып келеди.

[1] Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўдың искерлигин түптен жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы, 2018-жыл 16-апрель.

[2] Өзбекстан Республикасы Президентиниң “ Диний-ағартыўшылық тараўдың искерлигин түптен жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4436 Қарары, 2019-жыл 4-сентябрь.

[3] Мирзиёев Ш.М. Танқидий таҳлил, қатъий тартиб-интизом ва шахсий жавобгарлик-ҳар бир раҳбар фаолиятининг кундалик қоидаси бўлиши керак.Тошкент, Ўзбекистон, 2017, – Б 53.

[4] Маҳмуд Тилаб. Комиллик асрорлари: Ҳаётий ҳикматлар. – Тошкент. «Адолат». 2006. – Б 18.

Бахрамаддин РАЗОВ,

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы.

Тэглер