Фото

Мен ушын үйренип кел!

09 Декабрь, 2023 225

Бисмиллаҳир Раҳманир Раҳийм.

Аллаҳ таалаға шексиз ҳамд мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўат дурудлар болсын.

Нәбий саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләм Мадинаға орналасқаннан соң Бани Нажжар қәўими Зайд ибн Собитты алып келди. Сол ўақытлары Зайдтың жасы он алтыдан өтпеген еди. Олар:

- Ҳәй Аллаҳтың Расули! Бул бала сизди қуўандыратуғын дәрежеде Қуран ядлаған, - деди. Расулуллаҳ саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләм оннан оқып бериўин сорады. Ол «Қоф» сүресин оқып берди. Расулуллаҳ саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләм Зайдтың зейни өткирлигинен ҳайран қалды. Онда закаўатлылық, нурлы ақыл барлығын аңлады ҳәм: - Ҳәй Зайд! Мен ушын яҳудийлердиң жазыўын үйренип кел. Мениң жазған хатларымды оларға аўдармалап бересең - деди.

Он бес күнде Зайд ибраний тилин үйренип алды. Ол енди Расулуллаҳ саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләм яҳудийлерге хат жибермекши болса, жазып берер, яҳудийлерден хат келсе, оқып берер еди.

Бул әлемде биз жалғыз емеспиз. Бунда басқа халықлар, миллетлер ҳәм мәдениятлар бар. Басқа тиллер бар. Сол мәдениятты, сол миллетлер ҳәм олардың тиллерин үйрениў әлбетте керек. Бирақ бул исти ағартыўшылық ушын қылыў басқа, мақтаныў ушын қылыў басқа. Бүгинги күнде ингилис тили илим тили болып табылады. Талабаларымыз бүгин сол тил арқалы илмий қәнийгеликлерине ийе болмақта. Бул қәнийгеликлерди үйрениў әлбетте ўәжиб. Себеби, ўәжибке алып баратуғын нәрседе ўәжиб есапланады.

Ҳәммениң өз қәбилети бар. Қәбилетсиз инсан жоқ. Базы бир оқыўшыларда тил үйрениў қәбилети жоқары болады, бирақ математиканы жақсы түсинбейди. Базы бир оқыўшылар болса, физика ҳәм химиядағы теңлемелерди аңсатлық пенен шешеди, бирақ төрт қатар нәрсени ядлап алыўы қыйын. Шаңарақта да, мектепте де баланың қәбилетин анықлап алыў керек. Соң сол тәрепке бағдарлаўымыз лазым.

Нәбий саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләм Зайд ибн Собиттың тил үйрениўдеги қәбилетин көре алды ҳәм оған туўры жөнелис берди. Нәтийжеде, жүдә қысқа мүддетте ибраний тили ҳәм жазыўын үйренип алды. Бул жоқары нәтийже еди.

Ибн Касир раҳимаҳуллаҳ өзиниң «Ал-бидая ўән-ниҳая» китабында:

«Зайд ибн Собит разияллаҳу анҳу жүдә зәкаўатлы бала еди. Яҳудийлердиң тилин он бес күнде үйренди. Парсы тилин Кисроның елшисинен он сегиз күнде үйренди. Ҳабаш тилин, румийлер ҳәм қибтийлер тилин Расулуллаҳ саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләмның хызметкерлеринен үйренип алды», деп жазады. Бир кәсиптиң ийеси перзентиниң де сол кәсипти таңлаўын қәлейди. Бирақ олар перзентлерин өзлериниң қәлеўине бойсындырыўы, олардың қызығыўшылығын есапқа алмаўы зулым есапланады. Егер оны өзи қызыққан тараўына бағдарлағанда, сол кәсиптен де озып кететуғын уллы қәбилет ийеси болыў итималы бар еди.

Көз алдыңызға келтириң, егер Имам Бухарий раҳимаҳуллаҳ тәўипликке мәжбүрленгенинде, үммет сондай муҳаддистен айырылған болар еди!

Ибн Сина муҳаддисликке мәжбүрленгенинде, үммет сондай тәўиптен айырылған болар еди! Ҳәм тағы басқа....

Перзентлериңизге қәбилети бар нәрсени үйретиң!

«Набаўий тәрбия» китабы тийкарында таярланды.

Бул китап Өзбекистан Республикасы Дин ислери бойынша комитетиниң 2023-жыл 7-марттағы 03-07/1506-санлы ҳәм 2023-жыл 24-марттағы 01-07/1959-санлы жуўмақлары тийкарында таярланған.

Islаm.uz сайтынан Нөкис қаласы «Ережеп бий» жаме мешити имам-хатиби Аминжан Набатов таярлады.

Тэглер