Фото

Ташкентте Түркий мәмлекетлер шөлкеми мусылман диний басқармалары басшылары кеңесиниң жыйналысы өткериледи

24 Ноябрь, 2023 156

Усы жылдың 25-ноябрь күни Ташкентте Түркий мәмлекетлер шөлкеми мусылман диний басқармалары басшылары кеңсиниң төртинши жыйналысы болып өтеди. Онда Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев, Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзирети, Кавказ мусылманлары басқармасы баслығы, Шайхулислам Аллашукур Пошозода, Туркия диянат ислери басқармасы баслығы, доктор Али Ербош, Қазақстан мусылманлары диний басқармасы баслығы, бас муфтий Наўрызбай ҳажы Тағанулы, Қырғызстан мусылманлары диний басқармасы Уламалар кеңеси баслығы Абдиманап Масалиев ҳәм де Түркменстан муфтийси Ялкап Ходжагулиев, соның менен бирге, түркий мәмлекетлер уламалары, диний тараўдың ўәкиллери де қатнасады.

Конференцияда мәмлекетлеримиз ортасындағы көп тәреплеме өз-ара шериклик байланысларын және де раўажландырыў, диний басқармалар ортасындағы мүнәсибетлерди беккемлеў, соның менен бирге, көп әсирлик миллий ҳәм диний дәстүрлеримизди кең ен жайдырыў, жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық пенен гүресиў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылады.

Буннан тысқары, диний басқармалар басшылары биргеликте заманагөй пәтиўалар ислеп шығыў, оларды турмыста қолланыў ҳәм бүгинги күнде мусылман үммети ушын зәрүрли болған мәселелер жүзесинен өз-ара пикир ҳәм усыныслар алмасады.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми мусылман диний кеңселери басшылары жыйналысы менен биргеликте Түркий мәмлекетлер уламаларының биринши форумы да өткериледи.

Мағлыўмат орнында, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде мусылман диний басқармалары басшылары кеңесиниң дәслепки тарийхый жыйналысы 2022-жылдың 15-апрель күни Түркияның Истанбул қаласында өткерилди. 2022-жылдың 21-октябрь күни Түркий мәмлекетлер шөлкеми муфтийлар кеңесиниң Әзербайжанның Баку-Шуша қалаларында өткерилген тарийхый жыйналысында “Түркий мәмлекетлер шөлкеми мусылман диний шөлкемлериниң басшылары кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Нызам тастыйықланды.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми мусылман диний басқармалары басшылары кеңеси түркий дүньяның диний басқармалары ортасындағы қатнасықларын беккемлеў, глобал мәселелерге биргеликте шешим табыў ҳәм сап Ислам динин асыраў бойынша мүмкиншиликлерди бирлестириўде үлкен әҳимийетке ийе болмақта.

Аллаҳ таала усы жыйналысларды хайырлы, туўысқан халықлар ҳәм пүткил мусылман үммети ушын мәпли болыўын несийп етсин!

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети

Тэглер

Садақа