Фото

Ақырет күнине ийман

22 Ноябрь, 2023 257

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

Ислам ақырет күнине ийман келтириўди де иймандағы үстин мәселелеринен еткен. Ийман келтириў керек болғанлар ишинде бул мәселеге айрықша итибар бериледи. Не ушын бундай етилгенин бүгинги күнде жақсы түсинип турыппыз.

Ақырет күнине ийман болмаса ямаса усы күнге ийман ҳәлсиз болса, инсанияттың пәсеңлеўге жүз тутыўын тәжирийбе көрсетди. Ақырет күнинде ҳәмме адамлар қайта тирилиўине, бул дүньяда еткен әмеллериниң ҳәр бирине сыйлық ямаса жаза алыўына ийманы жоқ адамнан жақсылық шығыўы қыйын ис. Егер ақырет күнине ийман-исеним болмаса, жер жүзинде жақсы ис ҳәм әдиллик идеяларына ерисип болмайды. Ақырет күнине ийман жоғалып, «Адам өлгенинен кейин ширип, жоқ болады, қайта тирилмейди» деген пикир ҳүкимранлық қылса, жер жүзинде күшли күшсизди жеп жоқ ететуғын «тоғай нызамлари» әмелде болады. Аўа, егер залым бул дүньяда еткен зулымы ушын жуўап бермесе, жалаңқая-жалатай өз өтириги менен дәўран сүрип қалыў ҳәрекетинде бола берсе, қулласы, ҳәмме бул пәний дүнья ушын ҳәр қандай жаманлықтан, жаўызлықтан қайтпаса, бул дүнья қандай дүнья болады? Күшсизлер, жапа шеккенлер, сорлылардың ҳалы не кешеди? Ѳмир кеширим өз-өзинен шексиз азапқа айланып, жәмийетте үмитсизлик, бийпарықлық ҳәм өзин-өзи өлтириўлер көбеймейме?

Усы бәле-апатлардан қутылыў ушын инсанлар инсаплы, ар-намыслы, туўры сѳз болыўы, барлық жаманлықлардан қайтыўы керек. Жаманлықтан қайтыў ушын болса әлбетте, ақырет күнине ийман келтириў дәркар.

«Ислам тарийхы» биринши жүзи тийкарында таярланды.

Бул мақала Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттиң 2023-жыл 14-марттағы 03-07/1733-санлы жуўмағы тийкарында таярланды.

Islam.uz сайтынан Елликқала районы «Абдулла норинжаный» зияратгаҳ мешити имам-хатиби Абдулазиз Идрисов таярлады.

Тэглер