Фото

Әмиўдәрья районындағы «Ҳажы ийшан баба» мешитиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

13 Ноябрь, 2023 67

Мешитлерди абат етиў таат-ибадатлар менен ҳǝм де усы мешитлерди жақсылап қурып, пǝк сақлап, кѳз қарашығындай етип асыраў менен болады. Аллаҳ таала Қурани кǝриймниң «Нур» сүреси, 36-аятында: «(Ол шыра) Аллаҳ олардың көтерилиўине (қурылыўына) ҳәм оларда Өзиниң атының зикир қылыныўына руқсат берген үй (мешит)лерде. Ол жер (мешитлер)де азанлы-кеш Оған тасбиҳ айтатуғын», деп марҳамат қылынады.

Соңғы қысқа ўақытта елимизде диний тараўда унамлы ѳзгерислер болмақта. Динимиздиң еле де раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Мешитлер саны кѳбейип, имам-хатиблердиң болса диний ҳәм дүньялық илимлери артпақта.

Әмиўдәрья районындағы «Қыпшақ» мәкан пуқаралары жыйыны аймағындағы «Ҳажы ийшан баба» жоме мешитиниң ески имараты 1988-жылларда қурылғанлықтан, бүгинги күнде мешит имараты авария аўҳалына келип қалған. 2021-жылдың август айында жергиликли ҳǝкимият ҳәм тийисли шѳлкемлердиң келисими менен, юридикалық мǝнзили ѳзгермеген ҳалда, усы аймақтан мешиттиң жаңа имаратын қурыў жумыслары басланды.

Арадан 3 жыл ѳтип, «Қыпшақ» мәкан пуқаралары жыйыны турғынларының, жергиликли исбилерменлердиң, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының ҳǝм район ҳǝкимиятының жақыннан берген әмелий ҳәм материаллық жақтан берген кѳмеги нǝтийжесинде шығыс архитектурасы үлгисинде, бәрше қолайлықларға ийе, ықшам мешиттиң жаңа имараты қурып питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Бүгин усы «Ҳажы ийшан баба» жоме мешитиниң жаңа имәратын тапсырыў мәресими болып ѳтти. Онда Әмиўдәрья районы ҳәкими Собир Ходжаметов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ўәкиллери, имам-хатиблер ҳәм район турғынлары қатнасты. Мешиттиң қурылыс жумысларында жақыннан жәрдем берген инсанларға естелик саўғалары берилди ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының миннетдаршылығы билдирилди.

Хабарыңыз бар, елимиз турмысында унамлы, тарийхый ҳǝм есте қаларлық ўақыялар кѳп болмақта. Ҳүрметли журтбасшымыз тǝрепинен халық мәпи ушын ǝҳимийетли ўазыйпалар белгилеп берилмекте, орайдан алыста жайласқан аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, оларды заманагѳй кѳриниске келтириў, пуқараларымыз ушын ҳǝр тǝреплеме қолай шараят жаратыў ушын ǝҳимийетли жойбарлар ислеп шығылмақта. Мине буларды Әмиўдәрья районы мысалында кѳрсек болады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер