Фото

ЎАТАНҒА ҚЫЯНЕТ

25 Июль, 2023 137

Ҳасан Мамун

Мыср Араб Республикасының бурынғы (марҳум) муфтийи

Муфтий мырза: «Өз Ўатанына қыянет қылып атырған мусылманлар ҳаққында Ислам шариатының ҳүкими не?» — деп берилген сораўларға төмендегише жуўап береди:

Ислам шариаты ҳәр бир мусылманға өз Ўатанына қаратылған ҳәр қандай душпанлыққа қарсы турыўда ўатанласлары менен ийинбе-ийин турыўды ўәжиб қылады. Аллаҳ тала айтады: «Усы бир ғана миллет — сизлердиң миллетлериңиз ҳәм Мен Рәббилериңиз ҳәм маған ибадат қылың!» (Анбиё, 92).

Егер қайсы бир тыныш-татыў жасап атырған мусылман елге басқа бир сырт ел тәрепинен толық ямаса азда болса да басып алыўлық нийетинде ямаса басқа себеп пенен зорлық етилсе, сол ел мусылманларының ҳәр бирине усы басқыншылыққа қарсы гүресиўлери парыз (фарзи айн) болады.

Бул ўәжибти орынлаўда кемшиликке, бийпәрўалыққа жол қойса, динине ҳәм Ўатанына қыянет қылған есапланады. Әсиресе душпанларына мейиллик көрсеткен ҳәм қайсы жол менен болса да, оларды қоллап-қуўатлағанлар ҳақыйқый дин душпаны болады. Ўатанға, динге қылынған қыянет Ислам қатаң қаралайтуғын, жаман бир жынаят болып, ол жүз берген ҳалда, жынаятшыны тыйып қоятуғын, оның жаманлығынан мусылманларды қорғайтуғын ҳәм басқаларды бул истен тоқтатып қалатуғын жазаны қолланыў ҳүкимет басшыларына усынылады. Атап өтилген жынаяттың көрсеткишлерин ислам шариаты белгилеп бермеди. Оны белгилеўди басшыларға қалдырды.

Демек, Ўатанға қыянет қылыўшылардың жазасы мәмлекет басшыларының ҳүкимине тийисли болып, қылмысларына жараса жаза бериўди ислам дини оларға тапсырған.

Ибн Обидинниң китабының 3-бөлиминде мынадай делинген: «Жиҳад душпан ҳүжим қылған жағдайда ҳәр бир адамның миннетине айланады. Бунда, яғный душпан елге бастырып киргенде, Ўатанды қорғаў ушын бәрше гүреседи. Бул жағдай усы мәмлекет халқы ушын улыўма топланыў делинеди. Мусылманлардан бул пикирге қосылмаған бирде-биреўин билмеймен». Аяты кәрима да егер кәпирлер мусылманларға қарсы урыс ашса, олар менен урысыў ўәжиб екенлигин баян қылады. Аллаҳ таала айтады: «Сизлер менен урысып атырғанлар менен Аллаҳ жолында урыс қылың, лекин ҳәдден аспаң, өйткени Аллаҳ ҳәдден асыўшыларды жақсы көрмейди. Оларды қай жерде тапсаңыз өлтириң ҳәм сизлерди шығарып жиберген жерден шығарып таслаң. Ғаўасат көтериў өлтириўден жаманырақ болып есапланады. Масжидул-ҳарамда ҳәттеки өзлери сизлер менен урыс қылмағанша олар менен урыс қылмаң! Егер тоқтаса, Аллаҳ Кеширимли ҳәм Рейимли болып есапланады. Сизлер ғаўасат болмаўы ҳәм дин Аллаҳға тән болыўы ушын олар менен урысың. Егер тоқтаса, (сизлер де тоқтаң), өйткени залымлардан басқаларға зорлық жоқ» (Бақара, 190-193).

Демек, мусылман адам Ўатаны, дини, шаңарағы ҳәм халқын көз қарашығындай асырап-абайлаўы лазым екен. Бул Ислам дининде нәсият қылынған, қоллап-қуўатланған. Керисинше, Ўатанына қыянет қылыў, ата-анасы, перзентлери ҳәм халқының қәдирине жетпеў, оларды ойламаў ямаса оларға қарсы қурал көтериў исламдағы ең аўыр гүна ҳәм жынаят болып есапланады. Бул нәрсе инсаныйлық өлшемлерине де туўры келмейди. Өйткени, инсан өз Ўатанының раўажы ушын пидайылық көрсетиўи, бул жолда керек болса, жанын да бериўи лазым болады.

“Ислам мағрифаты: негиз ҳәм түсиник” китабынан.

Елликқала районы “Абдулла норинжаный” жоме мешити имам-хатиби Идрисов Абдулазиз.

Тэглер

Сергеклик