Фото

АЖЫРАСЫЎЛАР - ЖӘМИЙЕТ КЕМИРИЎШИСИ!

03 Июль, 2023 100

Дүнья жүзинде Бельгия 70 % ажырасыў менен шаңарақлардың жоқ болыўы бойынша биринши орында, Чили 3 % ажырасыў бойынша ақырғы орында тур. Өзбекстанда шаңарақлық ажырасыўлар жақында ғана 8 % еди, көз ашып-жумғанша 12 %ға жетипти. 2019-жылда мәмлекетимизде 195000 неке дизимнен өткен болса, 31000 нан артық шаңарақ ажырасқаны ашынарлы жағдай.

Жақында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте шаңарақ пәраўанлығын тәмийинлеўдың әҳмийетли мәселелери жүзесинен өткерген жыйналыста Бас министр орынбасары – Ҳаял-қызлар комитети баслығы Элмира Боситхонова шаңарақларды беккемлеў бойынша анық усыныслар билдирип, ақырына жеткен 2019-жылда мәмлекетимизде 31 386 дана шаңарақ ажырасқанын билдирди.

Министрлер Кеңеси қасындағы “Шаңарақ” илимий-әмелий изертлеў орайы директоры орынбасары Дилдора Каримованың мәлим етиўинше, ажырасыўлар себеплери төрт бағдарға бөлип үйренилген.

Олар:

– Шаңарақ ағзаларының ерли-зайып мүнәсибетлерине турақлы араласыўы, ерли-зайып ортасында өз-ара ҳүрмет жоқлығы;

– Мәнәўий-әдеплилик тәрбияның төменлиги, қыянет, ҳаялға зулымлық, оған ҳәдден артық жумыслар ҳәм мәжбүриятлардың жүклениўи;

Материаллық жетиспеўшилик, үй-жай шәраятының қанаатландырарсызлығы, ердиң шаңарағын материаллық тәмийинлемеўи, мийнет миграциясы, яғный ер яки ҳаялдың шет елге кеткени ҳәм шаңарағы менен байланысты үзгени;

– Саламатлық ҳәм нәгиранлыққа байланыслы машқалалар ҳәм перзентсизликлер.

Үлкен әўлад жақсы биледи. Журтымызда ажырасыў дерлик жоқ еди ҳәм ҳеш илажсыз қалмағанша шаңарақлар бузылмас еди. Бийперзентлик себепли ажырасыўға мәжбүр болған ер, ҳаял да шаңарағын сақлап қалалмағаны ушын елден уялып жүрер еди.

Жоқарыда қәниге санап өткен төрт бағдар:

1. Шаңарақ ағзаларының ерли-зайып мүнәсибетлерине турақлы араласыўы, ерли-зайып ортасында өз-ара ҳүрмет жоқлығы. Аллаҳ таала мәрҳамат қылып: «(Аллаҳтан) сабыр ҳәм намаз (оқыў) менен жәрдем сораң» (Бақара сүреси, 45-аят), дейди. Буннан белгили болады, жас келин-күйеўлер шаңарағына араласқанларға, ҳәтте өзлери бир-бирине сабыр қылыўы ҳәм намазда Аллаҳтан мәдет сораўы шаңарақты сақлап қалыўдың негизлеринен бири екен.

2. Мәнәўий-әдеплилик тәрбияның пәсеңлиги, қыянет, ҳаялға зулымлық, оған ҳәдден артық жумыслар ҳәм мәжбүриятлардың жүклениўи.

«Әлбетте, Аллаҳ тақўа қылғанлар ҳәм ийгиликли ис қылыўшылар менен (барқулла) бирге», усы Наҳл сүреси, 128-аятына әмел еткен жаслар жоқарыдағы иллетлерден қутылады.

Расулуллаҳ саллаҳу алайҳи ўа салламның: «Аллаҳтың нәзеринде бенделердиң ең жақсысы өз әҳли ҳаялына пайдасы көбирек тийетуғын адам», (Имам Аҳмад рәўияты) деген ҳәдисине әмел етсе, ҳаялына рейимли болады.

Сондай-ақ, усы аяты кәрийма ҳәм ҳәдиси шәрийфтен ер адам үйлениўи менен шаңарақ басқарыўын қолына алыўы, ҳаялына жақсы мәмиледе болып, оның тәмийнатларын орнына қойыўы шәриятымыз талапларынан екени аян болады. Демек, жақсы таўып турған ер ҳаялына миннет етпеўи, табыўына қыйналып турған ер болса, көбирек ҳәрекет етиўи керек.

3. Материаллық жетиспеўшилик, үй-жай шәраятының қанығарсызлығы, ердиң шаңарағын материаллық тәмийинлемеўи, мийнет миграциясы, яғный ер яки ҳаялдың шет елге кеткени ҳәм шаңарағы менен байланысты үзгени.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қызы Фатимаи Заҳра үш күн аш қалды. Реңи сарғайған ҳалда дийўалға сүйенип турғанын көрген күйеўи ҳәзирети Әлий қәўетерленип: “Саған не болды, ҳәй Фатима?” – деп сорады. Ол: “Үш күннен берли үйде жеўге ҳеш нәрсе жоқ”, – деди. Буны еситкен Әлий: “Неге маған айтпадың?” – деди. Фатима: «Себеби, әкем Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тойымыз күни маған: “Ҳәй Фатима, егер күйеўиң Әлий саған бир жейтуғын нәрсе алып келсе, оны же, алып келмесе, оннан сорама” – деп айтқан», – деди.

«Салдамлы болып үйиңизде отырың. (Көшеге шыққаныңызда) бурынғы жәҳилияттың безенгениндей безенбең. Намазды кәмил оқың, зәкат бериң, Аллаҳға ҳәм Оның Расулына бойсының. Ҳәй әҳли байт (пайғамбар ҳаяллары)! Әлбетте, Аллаҳ сизлерден гүнаны жоқ етип, толық пәклеўди қәлейди». (Аҳзаб сүреси, 33-аят).

4. Саламатлық ҳәм нәгиранлыққа байланыслы болған машқалалар ҳәм перзентсизликлер.

Перзентсизликке илаж жоқ.

Умама бинти Ҳариса турмысқа узатып атырған қызына он нәсият қылған еди. Биз сөзимиз созылып кетпеўи ушын тек сол бөлими менен шекленемиз: “О мениң гөззал қызым, сен билмеген үйге барып жасаў, саған үйленип атырған ҳәм усы ўақытқа шекем сен танымаған адамға жолдас болыў ушын өзиң туўылып ержеткен үйиңди таслап баратырсаң. Енди ол сениң хожаң. Сен оған шоры бол. Сонда ол саған қул болады…”

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Инсан инсанға сәжде етиўи дурыс болғанында ҳаялдың өз күйеўине сәжде етиўге буйырған болар едим…», деген. (Имам Аҳмад рәўияты)

Егер ҳаяллар әне сол бир ғана ҳәдиске әмел қылғанында, мусылманлар арасында ажырасыўлар ҳасла болмас еди. Қулласы, ажырасыўлардың себеплери көп. Олардың алдын алыў жоллары да көп. Бирақ, шара биреў – шаңарақты Аллаҳтан қорыққан адам ғана қорғай алады. Үйде исламий қәдириятлар жоқары орында турса ғана, турмыс пәраўан болады.

Абдикаримов Рахматулло, Тахиатас районы «Муҳаммад Мурат ийшан» жоме мешити имам-найыбы.

Тэглер

Сергеклик