Фото

Марҳум шайых Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуфты «Жоқары Дәрежели Имам Бухарий» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

28 Июнь, 2023 119

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Өзиниң кѳп қырлы искерлиги ҳәм де жүдә үлкен илимий-руўхыйлық мийраслары менен исламый мәдениятты гүллендириў, муқәддес динимиздиң уллы инсаний идеяларын халқымызға жеткизиў, белгили уламаларымыздың бийбаҳа дөретпелерин терең изертлеў, түрли мәмлекет ҳәм үлкелерде кең ен жайдырыў бойынша көп жыллық нәтийжели мийнети, халық аралық көлемде динлер аралық байланысти жолға қойыў, миллет ҳәм елатлар ортасында аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийет турмысында социаллық-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеўге қосқан үлкен үлеси, диний ҳәм дүньялық билимлерди пуқта ийелеген жетик қәнигелерди таярлаў, келешек әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы айрықша хызметлерин ушын Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары диний басқармасының бурынғы баслығы, муфтий, марҳум шайых Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф «Жоқары Дәрежели Имам Бухарий» ордени менен сыйлықлансин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев

Тэглер