Фото

Жума қутлықлаўы ҳәм диний мәселелерди тарқатыў әтирапындағы гәп-сөзлерге мүнәсибет

31 Май, 2023 157

Социаллық тармақларда «Жума қутлықлаўы», «Қураны Кәрийм аятлары», «Пайғамбар алайҳиссалам ҳәдислери», журтымыз уламалары ҳәм имам-домлалардың баянатларын тарқатыў мүмкин емес, деген мазмундаги негизсиз хабарлар кең тарқалмақта.

Соның менен бирге, журтымыздағы рәсмий диний сайт ҳәм социаллық тармақлардағы мағлыўматларды оқыў ямаса тарқатыў жуўапкершиликке себеп болыўы ҳаққында да ҳаўлығыў оятыўшы надурыс хабарлар кең додалаўларға себеп болмақта. Атап өтиў керек, социаллық тармақларда халық арасында надурыс хабарлар тарқатыў әмелдеги нызамшылыққа муўапық жуўапкершилик келтирип шығарады.

2021-жыл 5-июльдағы «Өзбекстан Республикасының Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамына тийкарланып, ҳүждан еркинлиги кепилленген. Соған көре, пуқаралар динге исениў, диний үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлерди өткериў ҳәм де өз дининиң тәлийматларын үйрениў ҳақ-ҳуқықына ийе есапланады.

Соған қарай мѳмин-мусылманлар ушын зәрүр болған диний мәселелер рәсмий электрон дереклер арқалы кең көрсетип барылмақта.

Өзбекстан мусылманлары басқармасының рәсмий веб-сайтлары, мешит-медреселер, тәжирийбели имам-хатиблердиң сайт ҳәм социаллық тармақ бетлерин оқыў ҳәм де олардағы мағлыўматларды жақынларына тарқатыў мүмкин, атап айтқанда, жума қутлықлаўларын да тарқатыўға рухсат етилген. Буларға ҳеш қандай шеклеў жоқ.

Рәсмий ҳәм жетекши электрон дереклер дизимин бул силтеме арқалы усыныс етемиз: https://taplink.cc/kanallar

Атап өтиў керек, Ислам мәрипатын тарқатыў, халқымызға дину-диянатты, ар-намысты жеткизиў ҳәм жасларды илим-билимли етиў зиялылар, атап айтқанда дин пидайыларының ең зәрүрли ўазыйпасы.

Усы мақсетте, Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм оның қарамағындағы имам-хатиблер тәрепинен интернет әлеминде руўхый-ағартыўшылық жөнелислерде үзликсиз үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылып атыр.

Жуўмақ сонда, мѳмин-мусылманларымыз мине усындай рәсмий, исенимли социаллық тармақлардағы (https://taplink.cc/kanallar) диний-мәрипиф мазмундағы барлық мағлыўматларды алыўы ҳәм де жақынларына тарқатыўы мүмкин. Еслетпе сонда, бузғыншылыққа қаратылған ағымлар идеяларын өзине қосыўшы музыкалық сеслер уйғынлығы, фотосүўрет ямаса нышанлар арқалы тарқатыўға урынбақта.

Сол себепли де экстремистлик идеяларды ҳәр қандай кѳринисте қәле жума қутлықлаўы болсын, қәле басқаша атрибут ямаса сүўрет кѳринисинде болсын, оларды тарқатыў, сақлаў ҳәм пайдаланыў нызам жағынан қадаған етиледи. Тарқатыў қадаған етилген экстремистлик сайт ҳәм тармақлар дизими ((https://t.me/muslimuzportal/33478) дағазаланған еди.

Солай екен, Өзбекстан мусылманлары басқармасы пуқараларды тағы бир мәрте сергек болыўға шақырады.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети

Қарақалпақ тилине аўдарған Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери Нурмуҳаммад Жумағулов.

Тэглер

Сергеклик