Фото

Ҳаж сапарына барыўшыға усыныслар

29 Май, 2023 618

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

Мүбәрек ҳаж сапарына таярлық көрип атырған адамға ҳаж китапларында төмендеги көрсетпелер бериледи:

1. Ҳаж сапарына атланыўшы адам өзинен кеўли ренжиген адамлардың кеўилин алыўы, оларды разы етиўи зәрүр;

2. Адамлар менен мәмилени туўырлаўы;

3. Қандайда бир адамға зулым еткен болса, одан кеширим сораўы;

4. Қандайда бир адамның ҳақын нахақ жеп қойған болса, оны өзине ямаса мийрасхорларына қайтарып бериўи;

5. Барлық еткен гүнаҳларына ықлас пенен тәўбе етиўи;

6. Ата-анасын разы етип сапар етиўи;

7. Бала-шағаларын қәтержам етип сапар етиўи;

8. Қарызларын өтеп сапарға шығыўы;

9. Салиҳ адамлар менен сапар етиўи;

10. Ҳаждың парыз ҳәм ўәжип мәселелерин жақсылап үйрениўи;

11. Өзи менен Ҳаж китабын алыўы;

12. Сапарға саўда мақсетлерин араластырмай, қалыс ибадат мақсетинде сапар етиўи;

13. Жүзекилик ҳәм даңқпаразлықтан өзин жырақ тутыўы;

14. Сапар даўамында өзин мѳмин ҳәм мүсәпир тутыўы;

15. Зәрүрли затларды сатып алыў ўақтында сатыўшы менен ҳәдден зыят тартыспаў;

16. Ҳаж сапары даўамында пул жумсаўда сықмарлық етпеў;

17. Шериклерине сарп-ғәрежет етиў туўры келип қалса, қанаатланыўшылық пенен оларға сарп-қәрежет етиўи;

18. Үйден шығып атырған ўақытта садақа бериў;

19. Сапар даўамында мүтәж адамларға сарп етемен деп өзи менен артықша ақша алыўы;

20. Еки рәкат намаз оқып жолға шығыўы;

21. Үйден шығып атырған ўақытта адамлар менен қол берип кѳрисип, олардан ҳаққына дуўа етип турыўын сораныўы;

22. Басқалардың да ҳаж етиўге кетип атырған адамнан пәтия бериўин сораўы;

23. Гүзетиўши де, сапарға кететуғын да өз дуўаларын оқыўы;

24. Сапар дуўасын оқыўы;

25. Сапар даўамында қай жерге түссе, сол орында еки рәкат намаз оқып алыўы (мустаҳаб);

26. Сапар даўамында Аллаҳ тааланың зикрин етип, ата-анасы, перзентлери ҳәм барлық мусылманлар ҳаққына дуўа етиўи;

27. Сапар даўамында тартысыў, бақырысыў ҳәм кеўилге тийиў усаған затлардан сақланыўы;

28. Ҳәммеге мүләйимлик пенен, киши пийил болыўы;

29. Бес ўақыт намазды мүмкиншилиги барынша жәмаат пенен оқыўы;

30. Намазларды ўақытында оқыўы;

31. Сүннет әмеллерди илажы барынша тәрк етпеўи.

Шайық Муҳаммад Садық Муҳаммад Йусуф

(Мўминнинг умр сафари китабынан).

Islam.uz сайтынан Шоманай районы «Сапар ата» мешити имам-найыбы Амедов Саламатдин таярлады.

Тэглер

Ҳаж