Фото

Наўқасқа ǝмелий жǝрдем берилди

05 Май, 2023 256

Ибн Умар разияллаҳу анҳумадан рәўият етиледи:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Мусылман мусылманның бирадары болады. Оған зулым да етпейди, оны таслап та қоймайды. Ким бирадарының аўырын жеңиллетсе, Аллаҳ таала оның аўырын жеңиллетеди. Ким бир мусылманның машқаласынан қутқарса, Аллаҳ таала Қыямет күнинде оның машқалаларынан бирин жеңиллетеди. Ким бир мусылманның айбын жасырса, Аллаҳ таала Қыямет күнинде оның айбын жасырады», деди». Бухарий ҳәм Муслим рәўият еткен.

Жǝрдемге мүтǝжлерге жǝрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў ҳǝм оларға материаллық ҳǝм руўхый жǝрдемлер бериў бул – динимиздиң баслы кѳрсетпелеринен бири. Қала берсе миллий қǝдириятымыз да усыны талап етеди.

Бозатаў районы «Қусхана таў» аўыл пуқаралары жыйыны турғыны, жǝрдемге мүтǝж, бағыўшысынан айырылған Зухра Джаңабергенованың анасын емлетиў ушын еткен мүрǝжаатына бола райондағы «Сүйин ийшан» жоме мешити имам-хатиби Қутлымурат Изтилеўовтың басламасы менен қǝўендерлер жǝрдеминде анасын емлетиўге дǝри-дармақтан ǝмелий жǝрдем берилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер