Фото

Туўысқанларыңыз бенен қатнасықты ҳеш үзбең!

04 Май, 2023 157

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

Батыс илимпазлары дерлик ҳәр күни адамларға унамлы жумысты усыныс етпекте. Бул усыныслары болса көп орынларда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам тәрепинен 14 әсир алдын айтылған гǝпке сәйкес келмекте.

Қәўимлер, туўысқанлар ортасында арзымас себеплер менен урыслар болатуғын, өш алыў, қызларды тирилей кѳмиў усаған инсаныйлыққа қарсы болған ислер ҳәўиж алған заманда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жиберилди ҳәм ол алайҳиссалам инсаниятты жақсылыққа шақырып, жаманлықлардан қайтарды. Ол саллаллаҳу алайҳи ўасаллам адамларды урысыўға емес, керисинше, туўысқаншылық қатнасықларды күшейтиўге, силаи раҳмге шақырды.

Арадан 1400 жыл өтип, илимпазлар силаи раҳмниң қандай сырлы пайдаларын анықлады? Илимпазлар туўысқаншылық байланысын беккемлеў бойынша сондай нәтийжеге еристи, бул нәтийже “Туўысқанлар менен барды-келди қылыў онша зәрүрли ис емес” деген гәптиң батыл гәп екенин айтып өтти. Туўысқаншылық қатнасығына итибарсыз айырым биреўлер жасайтуғын орынларда “қариялар үйи” көп табылады. Себеби, инсан қартайғанда, әтирапында балалар, туўысқанлар болмаса, болса да жәрдем бермесе, қариялар үйине барыўға мәжбүр болады.

Британияда қандайда бир кеселлик пенен кеселленгенлер саны 800 мыңнан артады. Кеселликке қарсы гүресиўге қәнигелескен қайырқомлық жәмийетлеринен биреўиниң ўәкили “Кеселликке шалынғанлар қасында отырыў ǝҳмийетли ис. Ҳәтте олар ядын пүткиллей жоғалтқан, шаңарағын, достын таный алмайтуғын жағдайда болсада қасында отырыў зәрүр” деген. Наўқаслар менен бирге отырыў олардың шадлықты сезиўине себеп болар екен.

Батыс илимпазлары наўқаслардың туўысқанларына наўқаслар менен қатнасты даўам еттириў, егер телефонда болса да сѳйлесип турыў олардың саламатлығы тиклениўине себеп болыўын айтып атыр. Британиядағы кеселликке қарсы гүресиў аўқамы баслығы Жереми наўқаслар саўалыўы ушын олардың туўысқанларына наўқас жақыныңыздан хабар алып турыңлар деп айтар екен.

Көплеген үйрениўлер наўқастың саўалыўы, аўрыўлардың азмаз жеңиллесиўи ушын туўысқанларының хабар алыўы зәрүрли екенин айтып ѳтеди. Наўқаслыққа шалынған адамның туўысқаны көриўге барса, наўқастың саўалыўы тезлесер ҳәм иммун системасының активиги асар екен. Жасы үлкен наўқаслардан хабар алып турыў олардағы иммун системасы беккемлениўине, дүзелиў имканиятының артыўына себеп болар екен.

Бийкарға Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам көплеген ҳәдислерде биз үмметлерин силаи раҳмге буйырмаған.

Абдурраҳман ибн Аўфтан рәўият етиледи:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:

«Аллаҳ таала: «Мен Раҳманман. Раҳмды жаратқанман ҳәм оған Өз атымнан ат қойғанман. Ким оны байланыстырса, байланыстыраман. Ким оны кессе, кесемен», деген», деди».

Түсиник: «Раҳм» жатыр дегени, бир жатырдан тарқалғанлардың бир-бирине жақсылық етиўи «силаи раҳм» деп аталады.

Бул ҳәдиси қудсийда Набий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аллаҳ тааланың туўысқаншылық қатнасықларын тоқтатыў ҳәм үзиў ақыбетлери ҳаққында айтқан сөзлерин баянлап бермекте.

Абу Ҳурайра (разияллаҳу анҳу) дан рәўият етиледи. Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўасаллам): “Кимниң рысқы кең ҳәм ѳмири берекетли болыўын қǝлесе, силаи раҳимды байланыстырсын”, деди (Имам Бухарий рәўияты).

Басқа бир ҳәдисте болса Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўасаллам): “Ким ѳмирин узақ, рысқысының кең болыўын ҳәм жаман өлимнен қутылыўды қǝлесе, туўысқанлары менен қатнасығын тиклесин”, деген (Имам Аҳмад рәўияты).

Ҳәммемиз ѳмиримиз узақ, рысқымыз берекетли болыўын ҳәм шырайлы өлим табыўды қәлеймиз. Бул қәлеўимиз әмелге асыўын қәлесек, силаи раҳмға итибарлы болыўымыз керек.

Расули акрам саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Ким Аллаҳға ҳәм ақырет күнине исеним алып келген болса, силаи раҳим қылсын”, деген (Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўияты).

Бул ҳәдисте туўысқаншылық қатнасығын үзбей, даўам еттириў ийманға байланыстырылмақта. Солай екен, мѳмин-мусылман адам туўысқанлары менен байланысты үзбеўди, бәлки беккемлеўге урынады.

Илимпазлар анықлап атырған, адамларға ǝмел етиўди, ислеўди усыныс жетип атырған әмеллер 14 әсирден берли Ислам дининиң уллы көрсетпелери ретинде әмел етип келинип атырғаны Ислам қаншелли ҳақ дин екенин, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аллаҳ тааланың ҳақ пайғамбары екенлигин көрсетпейме?!

Аллаҳ таала ҳәммемизди Өзиниң ҳидаятынан айырмасын!

Абдуддоим Каҳел мақаласынан Нозимжон Ҳошимжон таярлады.

Қарақалпақ тилине аўдарған Қанлыкѳл районы «Ешим ахун» мешити имам-хатиби Наимов Нуғман.

Тэглер