Фото

Устаз Абдулҳаким қарый Матқулов Кўкалдош медресесине директор етип тайынланды

04 Май, 2023 136

2023-жыл 3-май күни Ташкент қаласындағы Кўкалдош орта арнаўлы ислам билим журты педагоглар жǝмǝǝтиниң нәўбеттен тысқары жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста шөлкемлестирилген мәселе кѳрилди. Кўкалдош орта арнаўлы ислам билим журты басқарыўшысы Муҳаммадамин домла Насриев басқа жумысқа өткенлиги себепли оның орнына диний-ағартыўшылық тараўда көп жыллар мийнет еткен Абдулҳаким қарый Матқулов тайынланғаны мǝлим етилди.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Нуриддин домла ҳǝзирет жыйналыста сөзге шығып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бүгинги қурамалы дүньяда халқымыз, әсиресе, жасларға Ислам дини мәнисин туўры түсиндирип бериў, жаўызлыққа қарсы мǝрипат пенен гүресиў, диний тәлим сапасын және де асырыў, әййемги диний тәлим дәстүрлери ҳәм алдыңғы халық аралық тәжирийбени үйрениў ҳәм де оны журтымызда диний тәлим мәкемелеринде қолланыў сыяқлы зәрүрли тапсырмалар берилгенин айрықша айтып өтти.

Муфтий ҳǝзирети медресениң жаңа директоры ҳәм педагоглар жәмәәти алдында мине усындай актуал ўазыйпалар турғаны ҳаққында айтты.

Аллаҳ тааладан устаз Абдулҳаким қарый Матқуловқа жуўапкерли ҳәм мақтанышлы жумысында үлкен табыслар тилеймиз.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы

Islam.uz сайтынан

Тэглер

Сергеклик