Фото

Зулым ҳәм қәтелерден сақланыў

01 Май, 2023 168

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

Ёфиъийдиң «Миръотул жанон» атлы китабында келеди:

«Суфён Саўрий раҳимаҳуллаҳ халифа Абу Жаъфар Мансурды улыўма жақтырмас еди. Абу Жаъфар оны өлимге ҳүким етти. Ҳүкимди атқарыўы ушын оны излеўди буйырды.

Суфён Саўрий олардан жасырыныў ушын Емен тәреплерге кетти. Аўылма-аўыл жүрип адамларға ҳәдис үйретти, диннен тәлим берди. Адамлар оны танымастан жоқары ҳүрмет кѳрсетер еди.

Түнде аўыллардан бирине барып түнейди. Сол түни аўылдан бир адамның үйине уры түсти. Суфён Саўрий тийтаныс болғанлығы ушын оны урыға шығарды. Оны Маън ибн Зоиданың алдына алып келди. Маън Мансурдың Емендеги губернаторы еди. Адамлар Суфёнды Маънға тапсырып:

- Мине бул адам затларымызды урлап, тағы мойнына алмай атыр!

Маън сорады :

- Булардың гәпине не дейсең?

Суфён деди:

- Мен олардың ҳеш нәрсесин алғаным жоқ!

Маън Аллаҳ берген парасаты менен алдында турған адамның жүзи урының жүзине уқсамайтуғынлығын сезди. Әтирапындағы аянларына деди:

- Турыңлар, кетиңлер! Мениң оның менен оңаша гәпим бар!

Олар кеткеннен кейин Маън сорады:

- Сен кимсең?

- Абдуллаҳ (Алланың бендеси)!

- Кимнинг баласысаң?

- Абдуллаҳтың (Алланың бендесиниң)!

Маън деди:

- Биз бәршемиз Алланың бенделеримиз. Атың ким?

- Суфён ибн Саъид ас-Саўрий!

- Мѳминлер ǝмири еле сени излеп жүрме?!

- Аўа!

Маън азмаз тыныш турып, деди:

- Сен сыяқлы адамларды мен оларға тапсырмайман. Бар қәлеген жериңде қǝтержам жасайбер!

Зулым араласқан шерикликти тǝрк етиў сизден талап етилмейди, бирақ зулымға шерик болмаў әлбетте матлуб болып табылады. Ҳеш қашан зулымды әмелге асырыўшы қол болмаң!

Улыўма ўазыйпалар ҳǝмменики. Егер ҳәким хулафои рошидинлерден болмаса сиз одан жуўапкер емессиз. Сиз өзиңизден, тутқан жолыңыздан жуўапкерсиз. Инсанлардың иси Алланың мойнында!

Бәршемиз өзимиз жасап атырған барлықтағы көп затларды талқылаўға ǝззимиз. Бирақ ҳәммемиз қыйсық барлықта да туўры болыўымыз мүмкиншилиги бар екенин билемиз.

Бәршемиз туўры жолдан жүриўге, жақынласып жүриўге мүтәжбиз. Қолымыздан келгенинше Алладан қорқыўымыз керек. Зулм ҳәм қәтелерден өзимизди сақлаўымыз керек. Биз адамлардың дини ҳәм әдалатынан соралмаймиз. Бирақ өзимиздиң динимиз ҳәм әдалатымыздан сораламыз!

Қолаберсе, дыққат ҳәм итибарлырақ болыўымыз керек. Айырым затлар көрингени сыяқлы болмайды. Айырым инсанлардың артында биз билмеген көп гүрриңи болады. Тәбият көринисинде тек көзлериңиз көрген затты көресиз. Ақылыңыз бенен қараң. Дыққатлы болың. Затлар ҳаққында азғантай ойланың. Парасатты ислетиң. Гейде сезимлериңизге ерип турың, исениң олар сизди ҳақыйқат тәрепке баслайды!

Абдулқодир Полвонов

Алишер Султанходжаев

Islam.uz сайтынан Қоңырат районы «Ҳǝким Сулайман» жоме мешити имам-хатиби Рахат УМАРОВ таярлады.

Тэглер