Фото

Сəлемлесиў ҳаққында

25 Апрель, 2023 177

Сəлемлесиў халқымызда кең тарқалған болып, жүдǝ шырайлы, саўаплы əмеллерден, оның пазийлетлери жүдə көп. Хош динимиздеги сəлемлесиў ҳаққындағы дереклерге тоқталып өтсек:

Аллаҳ таала: «Қашан сизлерге сəлемлесиў (түрлеринен бир түри) менен сəлем берилсе, сизлер оннан шырайлырақ етип сəлемине жуўап бериң ямаса соның өзин қайтарың. Әлбетте, Аллаҳ-ҳəмме нəрсениң есабын алыўшы», - деген («Ниса» сүреси, 86-аят).

Түсиник: Ҳəр бир қəўим, ҳəр бир халық, ҳəр бир миллеттиң өзине тəн сəлемлесиў усылы бар. Сəлемлесиў усылы, сөзлери ҳəм де əдетлери сол халықтың қандай халық екенинен дерек береди. Исламдағы сəлемлесиў - ең гѳззал ҳəм ең мəнили сəлемлесиў. Исламда таныған ҳəм танымағанға сəлем бериў - сүннет. Ал, сəлемге əлик алиў - ўǝжиб.

Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:

«Қайсы əмел ең жақси əмел?», - деп соралғанында ол:

«Таныған ҳəм танымаған адамыңа тағам ҳəм сəлем бериўиң», - деп жуўап берген.

Усы аяты кǝриймада сəлемлесиўдиң əҳмийетли екени айтылып, берилген сəлемге оннан кѳре жақсырақ яки өзиндей жуўап бериўге буйырылмақта. Бул буйриққа қалай əмел етиўди Пайғамбарымыздың сүннетинен үйренемиз.

Ибн Жарир қилған рəуиятта Салман Фарсий разияллаҳу анҳу тоъмендегилерди айтқан:

«Бир адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:

«Әссəлəму алайка, я Расулуллаҳ», - деди.

Расуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған:

«ўа алайкассəлəму ўа рахматуллоҳи», - деди.

Кейин басқа бир адам келип:

«Әссəлəму алайка, я Расулуллаҳ ўа раҳматуллоҳи», - деди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған:

«ўа алайкассəлəму ўа раҳматуллоҳи ўа баракатуҳу», - деди.

Соң жəне бир адам келип:

«Әссəлəму алайка, я Расулуллаҳ ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳу», - деди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған:

«ўа алайкассəлəму ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳу», - деди.

Сонда ол адам:

«Я Аллаҳтың Расули, ǝкем де, анам да сизге қурбан болсын, алдыңызға адамлар келип сəлем берди. Сиз оларға меннен кѳре жақсырақ сəлем бердиңиз?», - деп сорады.

Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Сен маған ҳеш нəрсени қалдырмадың. Аллаҳ «Қашан сизге бир сəлемлесиў менен сəлем берилсе, сиз оннан кѳре жақсырақ əлик алың яки өзиндей жуўап бериң», - деген. Саған өзиңдей жуўап бердик», - деди.

Дǝўранбек Алламбергенов, Шымбай районы «Хан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер