Фото

Қəбирстанды зиярат етиў

25 Апрель, 2023 249

Ибрат (үлги) алыў ушын қəбирстанды зиярат етиў мустаҳаб балады. Зиярат етиўши адамның «Ясин» сүресин оқыўда мустаҳаб балады.

Түсиник: Себеби ҳəдисте «Ким қəбирстанда «Ясин» сүресин оқыса, (саўабын қəбирстанда жатқан адамларға бағышласа), ал Жерде жатқан адамлардың усы күнги азабын жеңиллетеди ҳəм оқыған адамға алардың санындай саўап жазылады» делинген.

қəбирстанда тѳмендеги ислер мəкру балады:

-қəбирдиң қасында уйқылаў;

-қəбирдиң қасына далаға шығыў;

-қəбирстанның терек ҳəм от-шѳплерин жулыў;

Қуўрап қалған пута, от-шѳплерди жулып таслағанның зияны жоқ.

Саҳабалардан Анас разияллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бизлер өлген адамлардың атынан садақа беремиз, ҳаж етемиз, алардың ҳаққына дуўа (пəтия) етемиз, бул қылғанларымыздың саўабы оларға жетеме?» деп сорады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам «Әлбетте жетип барады, олар сизлер жиберген саўғаларыңызды алғанда тап (ҳəмме жақсы кѳретуғын нəрселер толы) дастурхан алған адамдай болып сүйсинеди», деп жуўап берген.

«Әҳли сүнна ўǝл жəмəǝ» мəзҳабина кѳре ҳəр бир мусылманның намазы, ораза, ҳаж, Қуран оқыў ҳəм де усыларға усаған ҳəр қандай ибадатлардың саўабын өтип кеткен адамларға бағышлаўға балады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қəбирстанға барип ол жерде «Ихлас» сүресин 11 мəрте оқып, саўабин марҳумларға бағышласа, қəбирстанда жатқан адамлардың санына тең гүналары кешириледи», деп айтқан.

Дǝўранбек Алламбергенов, Шымбай районы «Хан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер

Сергеклик