Фото

Питир садақасы: кимлер не ушын ҳәм кимлерге, қашан ҳәм қанша муғдарда береди?

17 Апрель, 2023 547

Питир садақасы оразадан шығыў мүнǝсәбети менен берилетуғын садақа. Ол оразадар ушын Рамазан айы даўамында айтқан пайдасыз гәп-сөзи, еткен қәте ҳәм кемшиликлерин жуўыў ҳәм де жарлы ҳǝм мүтǝжларға аўқатланыў имканиятын бериў мақсетинде енгизилген. Ҳанафий мазҳабында питир садақасы ўǝжип әмел есапланады.

ҚАШАН БЕРИЛИЎИ КЕРЕК?

Питир садақасын Рамазан ҳайты күни таң атқаннан баслап ҳайт намазына бараман дегенше бериў ўǝжип есапланады. Рамазаннан алдын да берилсе болады.

Бирақ Ҳайт намазынан кейинге қалдырмаў керек. Егер де адам питир садақасын ҳайыт намазына шекем бере алмаса, намаздан кейин береди, бирақ саўабы Рамазан ўақтында бергеншелли болмайды, бирақ бериўи шәрт. Яғный оны бере алмай қалған адам мойнында питир садақасын бериў ўǝжип болып қала береди.

КИМЛЕР БЕРИЎИ КЕРЕК?

Мусылман ер ҳǝм ҳаял, балағат жасына жеткен-жетпеген, қәле руўхай саламат, қәле руўхый кесел болсын, нисаб ийеси болса оларға питир садақасын бериў ўǝжип болады. Пул жоқлардың атынан оларға напақа бериў керек болған шахслар береди.

Соған да дыққат қылыў керек, адам балағат жасына жеткен перзентлери ҳәм ҳаялы ушын питир садақа бериўи ўǝжип емес. Егер жасы толған перзентлери ҳәм ҳәйели ушын, олар айтпаса да, питир садақасын берсе, олардың мойнынан питир садақасы сақыт болады.

Ҳайт күни туўылған бөпе ушын да әкеси питир садақасын бериўи ўǝжип болады. Ҳǝмиле ҳәм ҳайт күнинен алдын қайтыс болғанлар ушын болса ўǝжип болмайды.

КИМЛЕРГЕ БЕРИЛЕДИ?

Питир садақасы мусылман мүтǝжлерге бериледи. “Фатавои Ҳиндия” китабында келтирилиўине қарағанда, питирди бериўде ең абзалы, әўеле, (жарлы) аға-ини, апа-қарындаслар есапланады. Кейининен олардың перзентлери. Олардан кейин аға-апалар, кейининен олардың перзентлери. Дайы-апалар ҳәм олардың перзентлери кейин жоқарыдағылардан тысқары ағайынлар. Олардан кейин қоңсылар, кәсиплеслер, кейин аўылласлар ҳақылы есапланады.

КИМЛЕРГЕ БЕРИЛМЕЙДИ?

Питир садақасы нисаб муғдарынша малы болған бай кисиге, өзиниң ата-анасы, баба-мамасына, өзиниң ул-қызларына ҳәм олардың перзентлерине, ер-ҳаял бир-бирине бериў мүмкин емес.

Соның менен бирге, ғайры динлерге, пасық ислерди ашық-айдын ислейтуғын бузыққа, байға, денсаўлығы жақсы ҳәм жумыс ислеўге ылайық бола турып, жумыс ислемей жүргенге питир садақасын бериўге болмайды. Буннан тысқары, гүнә ҳәм мəсиятқа, соның менен бирге мусылманларға зыян келтиретуғын ҳәр қандай ислерге сарыплайтуғын айырымларға берилмейди.

Питир садақасы мүтәжлердиң қолына берилиўи керек. Бул пуллар мешит қурылысы, улыўма қайырқомлық ислери ушын берилиўи керек емес.

ОРАЗА ТУТПАҒАНЛАР ДА ПИТР САДАҚАСЫН БЕРЕМЕ?

Қандайда бир кеширим себепли ораза тута алмағанлар да өзлери ямаса олар атынан напақа бериўи керек болған адам питир садақасын бериўи керек.

ҚАНША МУҒДАРДА БЕРИЛЕДИ?

2023-жыл ушын ҳәр бир жан басына питир садақасының муғдары:

2 килограмм бийдай 12 000 (он еки мың) сўм;

4 килограмм арпа 20 000 (жигирма мың) сўм;

2 килограмм кишмиш 100 000 (жүз мың) сўм;

4 килограмм хурма 180 000 (бир жүз сексен мың) сўм деп белгиленди.

Ҳәр ким өз мүмкиншилигине қарай бул төрт өнимниң қәлеген бир түринен питир садақасын берсе болады.

Еслетпе! Питир садақасы баҳалары Ташкент қаласы базарларындағы баҳаға тийкарланып белгиленген болып, ҳәр бир ўәлаят өз базарларындағы баҳаға қарай питир садақасын белгилейди.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети

Muslim.uz сайтынан Бозатаў районы Бас имамы Қутлымурат Изтилеўов таярлады.

Тэглер

Закат