Фото

ПИТИР САДАҚАСЫ

29 Март, 2023 959

Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа Рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шәриятқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа ҳәр адам басына жәрияланған.

Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат Ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, Рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.

Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.

Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген. Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында нәзил болған», деди».

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын оразадар ушын бийҳуда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады». Бул рәўияттағы намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.

Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўзынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.

Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Ҳайыт күни қуўанышына қуўаныш қосылады. Соның ушын да ҳәр бир журтта сол жердиң ең көп тарқалған азығынан питир берилсин, делинген. Питир садақасы еркеклерге де, ҳаялларға да, жасларға да, қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный, ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын.

Ҳанафий мәзҳабы бойынша мал-дүньясы нысабқа жеткенлер бериўи ўәжиб. Көпшилик уламалар мал-дүньясы нысабқа жетпегенлер де бериўи мүмкин деген. Рәўиятларда айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында питир садақасы қурма, арпа, кишмиш, торақ ҳәм бийдайдан берилген. Бул нәрселердиң баҳасын пулға шағып, соны берсе де болады.

Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын қурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, ҳүргеде, еркеккеде, ҳаялғада, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўин буйырды».

Қурмадан бир соъ, арпадан бир соъ ўәжиб екен. Бир «соъ» қанша болады? Негизинде «соъ» бир ыдыс болып, бийдай ҳәм соған уқсас нәрселер сол ыдыс пенен өлшенген. Ке­йин аўырлық өлшемлери шыққанда, оған салыстырылған.

Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болады. Бирақ, оны Рамазан айы басланыўынан баслап берсе де болады. Ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.

Егер ҳайыт намазына шекем бере алмаса, кейин бериўи керек.

Питир садақасына қурма ҳәм арпадан бир соъдан бериледи.

Ибн Аббас: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул садақаны қурма ҳәм арпадан бир соъдан ҳәм бийдайдан ярым соъ, деген».

Бул ҳәдисте бийдайдан берилетуғын питир садақасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи тәрепинен ярым соъ қылып белгиленгени айтылмақта. Бизлердиң мәзҳабымызда усы гәп алынған. Соъ өлшеми ҳәр бир журтта ҳәр түрли алынған. Ҳижазда ол 2400 г. ға тең болса, Иракта 3594,24 г. ға тең. Демек питир садақасын бийдайдан беретуғын болсақ 1797,12 г берилиўи керек болады екен. Буны халқымыз бурыннан 2 кг бийдай деп қабыл еткен. Әлбетте, садақаның артықшасы тек саўапты ғана келтиреди.

Питир садақасының муғдарын да билип алдық. Енди болса ҳәммемизде питирди кимге бермеў, кимге бериўимиз керек? деген сораў туўылыўы тәбийий.

Питир садақасын муртадқа, пассыққа, байға, дени саў ҳәм жумыс ислеўге жарамлы болып турып жумыс ислемей яки мийнет етпей жүргенге, өзиниң ата-анасына, перзентине ҳәм ҳаялына бериўге болмайды.

Усы жерде соны еслетип өтиў керек, зәкат, питир садақасын алыўға ылайық болмағанларға, мал-дүньясы зәкат бериў дәрежесине жеткен жақын-жуўықлары, қоңсы-қобаларына яки өз ара бир-бири менен зәкат алмасыўы, яки бир шаңараққа оның зәкат алыўға ылайық яки ылайық емеслигин билместен бериўге болмайды.

Питир садақасын кимге бериўимиз керек? Абдуллаҳ ибн Масъуд рәўият қылған ҳәдисте: «… мискинлер ушын азықдур…», – делинген. Демек, питир садақасын мусылман мискинлер, пақыр-пуқаралар, кем тәмийинленгенлер алыўға ылайық. Питир садақасы жасап турған жериндеги мискин-пақырларға берилсе, мақсетке муўапық болады.

Рамазан айы келиўи менен зәкат ҳаққында көпшилик сорай баслайды. Бул ҳаққында да төменде айтып өтемиз.

Мүбәрек Рамазан күнлерин ғәниймет билип, көбирек ибадат ҳәм ийгиликли әмеллер менен өткизиўге ҳәрекет қылыўымыз лазым. Ийгиликли ислер дегенде, биринши нәўбетте шын ықлас-исеним, ибадатта даўамлы болыў, сондай-ақ өзгелерге қайыр-сақаўат көрсетиў ҳәм оларды шырайлы көринисте қалыс қылыў түсиниледи. Мүбәрек Рамазан айында көбирек саўап ислерди қылыўға, әсиресе кәсип-өнер, дийқаншылық, шарўашылық ҳәм саўда-сатықтан келетуғын қаржылардан болған зәкатты бериў парыз әмеллерден есапланады. Аллаҳ таала Қураны кәриймде бул ҳаққында былай дейди: «Ҳәй, ийман келтиргенлер! Кәсип қылған пәк нәрселериңизден ҳәм Биз сизлерге жерден шығарып берген нәрселеримизден напақа қылың. Өзлериңиз тек көзлериңизди жумып ғана алатуғын дәрежедеги жаман нәрселерди (садақа қылыўға) таңламаң. Билиң, әлбетте, Аллаҳ Бай, Мақталған.

Зәкат динимиздиң бес негизинен бири болып, Аллаҳ таала парыз қылған әмел. Оның еңгизилиў ҳикмети бундай, ол себепли жәмийетте теңлик пайда болып, өзине тоқ ҳәм кем тәмийинленген қатламлар арасында жақсы мүнәсибетлер пайда қылыў, қала берсе зәкат бериўшиниң мал-дүньясын пәклеп, оны зыяннан сақлаў ҳәм және де көбейтиўине мүмкиншилик жаратыў.

Ислам дини бес негиз үстине қурылған болып, солардан бири усы – зәкат ибадаты болып есапланады. Зәкат Аллаҳ таала тәрепинен мөмин бенделерге парыз қылынған әмел. Аллаҳ таала мәрҳәмат қылып айтады: “Намазды кәмил оқың, зәкат бериң...”

Зәкат қаржылық ибадат болып, “Зәкат” сөзликте “Пәклик” ҳәм “Өсиў” мәнилерин аңлатады. Зәкат Қураны кәриймде жигирма жети жерде намаз бенен бирге айтылған. Ал, бул өз нәўбетинде намаз бенен зәкат бир-бирине жипсиз байланыслы екенин билдиреди.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Мал-дүнья садақа қылыў менен ҳасла азаймайды». Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Зәкаты берилген мал-мүлк жер жүзиниң қай жеринде болса да, ҳәтте теңизде болса да оған зыян жетпейди», деп мәрҳәмат қылған.

Ҳәммеге мәлим, зәкат ибадат болыўы менен бирге, уллы инсаный идеялар, әдеп-икрамлық көринислер, руўхый мәнилерди қамтып алған. Зәкатта зәкат бериўшиге де, алыўшыға да, олар жасап турған жәмийетке де көплеп дүньялық ҳәм ақыретлик пайдалар бар. Сондай-ақ, ол себепли мүлкдар тәрептиң қәлби, нәпси пәкленип, руўхый тәрептен өсип барыўы жүзеге келеди.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде: “Олардың мал-дүньяларынан садақа ал. Буның менен оларды пәклейсең, тазалайсаң, деп мәрҳәмат қылған», деп баян қылған. Сондай-ақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳаққында былай дейди: «Сизлер мал-дүньяңызды зәкат бериў менен қорғаң. Наўқасларыңызды садақа бериў менен даўалаң ҳәм түрли бәле-апатлардан аман болыўға дуўа қылың».

Ҳәммеге мәлим, зәкат белгили бир муғдардағы қаржыға ийе болған мусылманның мойнына парыз болады. Зәкатты ўәжиб қылыўшы анық муғдар шәрият тилинде – нысаб делинеди. Зәкат алтын ҳәм гүмис, пул, мийўе ҳәм дийқаншылық өнимлери ҳәм де шарўа малларынан бериледи. Зәкат берилетуғын мал-мүлктиң нысабы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тәрепинен қатаң белгилеп берилген.

Алтынның нысабы (85 г) 20 мысқал болып, (2,5 г) 0,5 мысқалы зәкат ушын ажыратылады. Яғный, қырықтан бири дегени.

Зәкат ўәжиб болыўы ушын жоқарыдағы айтып өтилген нысаб муғдары бар болыўы ҳәм де усы нысаб бир жыл даўамында көбейген болыўы шәрт.

Шарўа малларынан зәкат шығарылғанда, олардың түрине қаралады. Мысалы, қой-ешкилерден 1 ден 39 ға шекем ҳеш нәрсе берилмейди. 40 тан 120 ға шекем бир дана бериледи, 121 ден 200 ге шекем екеўи, 201 ден 399 ға шекем үшеўи, 400 болғанда төртеўи, соң ҳәр жүзде бир данадан қосылып кете береди. Қара малларда 1 ден 29 ға шекем ҳеш нәрсе берилмейди. 30 дан 39 ға шекем табиъ – бир жасты толтырып, екиге қараған тана бериледи, 40 тан 59 ға шекем мусинна – еки жасты толтырып, үшке қараған тана бериледи, 60 тан 69 ға шекем еки табиъ бериледи, 70 тен 79 ға шекем бир табиъ ҳәм бир мусинна бериледи, 80 нен 89 ға шекем еки мусинна бериледи, қалғаны да усылай есаплана береди. Сондай-ақ, ат ҳәм түйелердиң зәкатында да өзине тән есаплаў жолы бар. Булардың ҳәммесине жылдың көп бөлими жайлаўларда отлаған болыўы керек.

Дийқаншылық егер жаўынның суўы менен суўғарылатуғын – қарызғар жер өними болса, оннан үсир, яғный оннан бири болады. Дәрьялар арқалы қол мийнети ямаса насослар менен суўғарылатуғын жерден шыққан өним болса, үсирдиң ярымы, яғный жигирмадан бири болады. Үсир – зүрәәт терип алынған ўақытта бериледи.

Буннан басқа нақ пул ҳәм саўда ушын алынған мал-мүлктен де зәкат бериледи. Олардың нысабы алтын ҳәм гүмистиң нысабына салыстырылып белгиленеди. Яғный, тиллә ҳәм гүмистиң қуны анықланып, соларға салыстырылады.

Бир нәрсени жақсы анықлап алыў лазым болады, жоқарыда айтылған нысаб муғдарлары зәкатты ўәжиб қылатуғын қунның ең пәс шегарасы болып, қаржы муғдары артқан сайын оннан шығарылатуғын қырықтан бир муғдары да артып бара береди.

Әлбетте, зәкаттың саўабы және де жақсырақ болыўы ушын оны мүнәсип орынларға бериў тийис. Аллаҳ таала Қураны кәриймде зәкат берилетуғын орынларды анық баян етип берген: «Әлбетте, садақалар жарлыларға, мискинлерге, онда (садақа исинде) ислеўшилерге, қәлблери дос қылыныўшыларға, қул азат қылыўға, қарыздарларға, Аллаҳтың жолында жүриўшилерге, мүсәпирлерге (бериў) Аллаҳ тәрепинен парыз қылынды. Аллаҳ Билиўши, Ҳикметли».

Бул сегиз орыннан ғайридинлер, қуллар шығарып тасланған. Ғайридинлер ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу дәўиринде саҳабалар ижмасы менен, ал қуллар ҳәзирги заманымызда қуллар жоқлығы менен бийкар қылынған. Ҳәзирги ўақытта журтымыздың түрли билим журтларында илим алып атырған талабалардың оқыў шәртнама төлемлерине жәрдем бериў ең мүнәсип орынлардан бири. Себеби, олар журтымыз ушын келешекте жетисип атырған қәнигелер. Зәкат ата-ана ҳәм перзентлер, сондай-ақ ерли-зайыплылар арасында бир-бирине берилиўи мүмкин емес. Зәкатты кем тәмийинленген әжаға-иниге, әжапа-сиңлиге ҳәм басқа ағайин-туўысқанға берсе болады.

Зәкатты мешит ҳәм түрли ислеп шығарыў кәрханаларын қурыўда берилмейди. Сондай-ақ, өзи жасап турған жер ҳәм қаладағы жарлы-мискинлер бар бола турып, басқа жерлердеги мүтәжлерге жибериў мәкириў болады.

Зәкат Ўатан, жәмийет тынышлығына иритки салыўшы, гүна ислерди қылыўшыларға берилмейди. Қураны кәриймде былай делинген: «Жақсылық ҳәм тақўа жолында бирге ислесиң. Гүна ҳәм душпаншылық жолында бирге ислеспең. Аллаҳтан қорқың».

Зәкатты билип-билмей түрли адамларға бериў жаман ақыбетлерге алып келиўин ҳәм гүна ислерде бирге ислесип қалыўын түсинип жетиўимиз керек.

Зәкат бериўши адам берип атырған зәкатын шын қәлбтен, қуўанған ҳалда ҳәм разы болған ҳалда бериўи лазым болады. Зәкатты алыўшы адам да мойнын ийип емес, ал ҳүрметленген ҳалда Аллаҳ берген ҳақты алып атырман деп алыўы ҳәм оны алып атырған ўақытта «бул мениң ҳақым» деп билиўи керек болады.

Аллаҳ таала инсанды уллы қылып жаратты. Оған ақыл ҳәм аңлаў қәбилетин берди. Ақыйдасы сап, қәлби пәк, денеси таза болыўды илаҳий тәлиматлар арқалы билдирди ҳәтте таўып атырған мал-дүньясы да пәк ҳәм берекетли болыўы ушын оған зәкатты парыз қылды. Бул да зәкат ҳикметлеринен бири. Ҳақыйқатында да, қайсы жәмийет болса да кем тәмийинленген қатламлар болады. Оларда социаллық әдалатты орнатыўда зәкаттың орны жүдә әҳмийетли. Буны бәрше исбилермен ҳәм өндирислик кәрхана ийелери ҳәм басқалар жақсы билиўи зәрүр.

Зәкат бериў ҳәм алыў жәмийетте инсанларға раўажланыў руўхын пайда етеди. Олардан турмыс қыйыншылықларын, қыйналыў ҳәм машақатты кетиреди. Бузғыншылық ҳәм көре алмаўшылықты жоғалтады. Жәмийет ағзалары арасында өз ара мийирманлық, мийрим-шәпәәт, теңлик, әдалат ҳәм муҳаббатты пайда етеди. Зәкатты алған адамларда сатып алыў қуўаты асады, себеби, оларда қолларындағы қаржыға бир нәрсе сатып алыў имканияты пайда болады. Демек, зәкат жәмийеттеги қаржылық жағдайларға жақсы тәсир көрсетеди. Көплеп экономикалық, әмелий ҳәм жәмийетлик машқалаларды шешиў жолында хызмет қылады.

Аллаҳ тааланың бизлерге берген мал-дүньясынан белгиленген зәкатты бериў, әлбетте оның өсиўи ҳәм беркетли болыўында тийкарғы себеп болыўы менен бирге, зәкатты алыўшыларға да үлкен пайдалар бар.

Итибарыңызға Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң 2023-жылдағы зәкат, питир садақа ҳәм фидя бойынша қабыл қылынған қарарын айтып өтемиз:

  • Өзбекстан мусылманлары басқармасы пәтўа бөлиминиң милодий 2023-жыл, ҳижрий 1444-жыл ушын Зәкат нысабы 1 г алтынның бүгинги күндеги базардағы орташа нырқы 420.000 (тѳрт жүз жигирма мың) сўм екенлигин итибарға алып, 85 г алтын есабынан зәкат нысабы 35 700 000 (отыз бес миллион жети жүз мың) сўм екенлиги ҳәм усы сўммадан қырықтан бир бѳлими (2,5%) н ажыратып, оны закат нийетинде кǝмбағалларға береди.
«Оразаның пазыйлети» китабынан

Тэглер

Закат