Фото

РАМАЗАН АЙЫНДАҒЫ ҮЗИРЛИЛЕР ҲӘМ ОЛАРҒА ТИЙИСЛИ ҲҮКИМЛЕР

19 Март, 2023 620

Аллаҳ таала базы инсанларға Ораза айында да жеңилликлер берген. Бул Исламның ҳүкимлериниң бенделерине аўырлық салмаўынан дерек береди. Муқаддес Қураны Кәриймде: «Аллаҳ сизлерге жеңилликти қәлейди,сизлерге қыйыншылықты қәлемейди»,-деп келтириледи. (Бақара сүреси, 185-аят)

Парыз болыўына қарамастан,Аллаҳ таала айырым орынларда бенделерине оразасын ашыўға рухсат береди. Булар Рамазандағы узирлер болып, «Ал-Фиқҳул ҳанафия» китабында олар екиге бөлинген:

1. Аўзын ашыў мубаҳ ҳәм қазасы ўәжиб болған узирлилер.

2. Аўзын ашыў ўәжиб ҳәм фидя ўәжиб болған узирлилер.

1. Мүсәпир. Ислам дининде өз журтынан 86 км ҳәм оннан да узақ аралыққа 14 күн ҳәм оннан кемирек мүддетте турыўды нийет етип шыққан адам мүсәпир болады ҳәм бул адамға мүсәпирлик ўақтында ораза тутпаўға Ислам шәрияты рухсат береди. Дәлийл: " Санаўлы күнлерде. Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса,онда,оның есабы(ораза тутыўы)басқа күнлерден.(Бақара сүреси,184-аят) Анас ибн Молик разыяллаҳу анҳудан рәўаят етиледи: "Биз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен сапарға шықтық. Бизиң арамызда ораза тутқанлар да тутпағанлар да бар еди. Ораза тутқанлар тутпағанларды,тутпағанлар болса тутқанларды айыпламас еди. (Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўаяты)

Аллаҳ тааланың: «Егер билсеңиз Ораза тутыўыңыз (фидя берип,тутпағаныңыздан) жақсырақ». (Бақара сүреси,184-аят) деген аятына көре,егер мүсәпир адамға зыян жеткермесе ораза тутыўы абзал делинген.

2. Наўқас. Егер наўқас кеселлиги артып кетиўинен қорқса ямаса кеселликтен тәўир болыўы кешигетуғын болса, Ислам оған ораза тутпаўға рухсат береди. Лекин буны мусылман,исенимли тәўип (врач) айтқан болыўы тийис. Егер ол өзиниң пикирине тийкарланып оразасын ашатуғын болса,онда каффарат лазым болады. Наўқас адамның ораза тутпаўына рухсат етилгенине дәлийл,Аллаҳ тааланың жоқарыдағы: «Санаўлы күнлерде. Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса,онда,оның есабы (ораза тутыўы)басқа күнлерден». (Бақара сүреси,184-аят) деген аятын келтириўимизге болады.

3. Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаял. Шәриятымыз бул екеўине де егер оларға яки перзентлерине зыян жетиў қәўипи болатуғын болса,ораза тутпаўына рухсат береди. Анас ибн Молик разыяллаҳу анҳудан рәўаят етиледи: «Расулуллаҳу саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзине зыян жетиўинен қорққан ҳәмиледар ҳаялға ҳәм баласына зыян жетиўинен қорққан емизиўли ҳаялға оразасын ашыўға рухсат берди». (Имам Насаий ҳәм Ибн Можа рәўаяты)

Емизиўли ҳаял егер тәўип (шыпакер) буйырған болса,емизиўли баласының еми ушын дәри ишиўге аўзын ашыўы мүмкин. Бул Ислам дининиң кеңлиги, оның ҳүкимлериниң жеңиллигине дәлийл бола алады.

4. Өлим қәўипинен қорққан адам. Ораза тутқан адам жүдә қатты шөллеў ямаса ашлық себебинен өлип қалыўдан қорқса, оразасын бузып, оны қаза етиўи мүмкин. Бирақ каффарат оған ўәжиб болмайды. Сонлықтанда нанбайшы,темирши, кәншиге уқсас кәсип ийелери иләжы болғанынша оразасына тәсир етерлик дәрежеде көп ислемеўи мақсетке муўапық болады. Ораза күнлери жумысын азайтып яки имканы болса кешки ўақытларға көширгени дурыс болады. Пәтўайы Ҳиндия китабында: Напақаға мүтәж кәсип ийеси егер өз кәсиби менен шуғылланса,өзине оразаны бузыўды мубаҳ ететуғын зыян жетиўин билсе,оған кесел болыўдан алдын оразасын бузыўы ҳарам болады" -делинген. Бул узирли адамлар ораза айында аўызлары ашық жүрген ўақытларында күндиз рамазанның ҳүрметине әшкара тағам жемеўи ўәжиб болады. Олардың узирлери кеткеннен кейин,қуяш батқанға шекем оразасы барлар сыяқлы сақланып турыўы тийис. Мүсәпир адам үйине жетсе,наўқас саўалып кетсе,ҳайз ҳәм нифас көрген ҳаял пәкленсе, аўзын ғарғара еткенинде билместен ишине суў кетип қалғанға уқсас қәте себебинен оразасы ашылған болса,булардың ҳәммеси рамазан айының ҳүрметине күнниң қалған бөлегин оразасы бар сыяқлы өткериўлери лазым болады. Жоқарыда аты келтирилгенлер бир күнге бир күн етип,неше күн қаза еткен болса,рамазан айынан кейин сонша күн қазасын тутып береди.

Аўыз ашыўы ҳәм фидясы ўәжиб болғанлар. Бул топардағы адамлар әззилик ҳәм узақ даўам ететуғын кеселликлери себепли ораза тута алмайтуғынлар есапланады. Жасы үлкейген кекселер ҳәм даўасыз дәртке шалынғанлар ораза тута алмаса, булар аўызларын ашып жүре береди ҳәм рамазанның ҳәр бир күнине фитр садақасы муғдарында фидя береди. Олар қәлесе рамазанның басында,қәлесе ақырында фидя береди. Аллаҳ таала: «Оны қыйналып тутатуғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик) аўқаты фидя болады. Ким өз қәлеўи менен артықша жақсылық қылса (лазым болғанынан артықша фидя берсе), өзи ушын жақсы" (Бақара сүреси 184-аят)-деп келтиреди. Ибн Аббос разыяллаҳу анҳу: "Бул ораза тута алмайтуғынлар ҳәм кексе жастағылар ушын,олар ҳәр бир күн ушын бир мискиннен аўқатландырады"-дейди. Буны Имам Бухарий ибн Аббастан рәўаят етеди. Али ҳәм Ибн Умар разыяллаҳу анҳулардан да рәўаят етилген (Ал-Фиқҳул ҳанафия, 437-444-бетлер)

Демек, жоқарыдағы ҳалатлары болмаған адамлар рамазан айын ғәниймет билип оның оразасын атқарыўға асығыўы тийис. Себеби,Аллаҳ таала ҳәдис қудсийде: «Ораза мен ушындур. Оның сыйлығын мен беремен" - деген. Аллаҳ таала уллы. Солай екен,оның сыйлығы да уллы болары анық. Рәббимиздиң уллы сыйлығын алыўға асығайық!

Рахимжан Тлеубаев

Мойнақ районы бас имам-хатиби.

Тэглер

ораза