Фото

ОРАЗАНЫҢ СҮННЕТ ҲӘМ МУСТАҲАБЛАРЫ

16 Март, 2023 480

Ҳәр бир инсан өз әмелин, исин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетине әмел қылған ҳалда орынлаўды, әлбетте, өз алдына баслы ўазыйпа қылып қойған болса әжеп емес. Ораза тутыўда ҳәр бир исте бизге өрнек болған Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның әмеллерин сүннет ҳәм мустаҳаб, деп орынлаймыз. Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның берген сабақларынан оның сүннетинен бири болып табылатуғынлығы айтылған. Зайд ибн Сабит разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Биз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге сәҳәрлик қылып, соң (таң) намазға турдық». Зайд разыяллаҳу анҳудан: «Сәҳәрлик пенен намаздың арасындағы ўақыт қанша еди?», деп соралды. Ол: «Елиў аят оқығандай ўақыт болар еди», деп жуўап берген.

Буннан көринеди сәҳәрлик қылыў таң намазы ўақты киргенше даўам еттирилсе, Пайғамбарымыздың сүннетине әмел еткен боламыз. Неге дегенде, фажри садықтың – ҳақыйқый таңның кириўи сәҳәрликтиң тоқтатылыўы менен бир қатарда таң намазының кирген ўақты да болып есапланады.

«Мен шыдай аламан, сәҳәрлик жемесем де болады», «Жатардан алдын сәҳәрлик жеп жатсам да болады», деп ямаса уйқыны қыймай сәҳәрликке турмастан аўызды жабыў сүннетти тәрк етиў есапланады. Нәтийжеде үлкен саўаптан, ҳәтте Пайғамбарымыздың шәпәәтинен шетте қалыўымызға себеп болыўы мүмкин.

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сәҳәрлик қылың! Әлбетте, сәҳәрликте берекет бар», деди». Бул ҳәдисте «сәҳәрлик қылың!», деген анық шақырық болып, сәҳәрлик соңынан ондағы пазыйлет зикир қылынған. Демек, шақырыққа жуўап бериў ҳәм сол пазыйлетке ерисиў ушын бир жутым суў менен болса да сәҳәрлик қылыў лазым.

Әмир ибн Асс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған және бир ҳәдисте: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бизлердиң оразамыз бенен әҳли китаплардың оразасы арасындағы парық сәҳәрлик жеўде», – деди», делинеди. Бул ҳәдис оразада сәҳәрлик қылыўдың зәрүрлигин және де асырады.

Ифтарлықты (аўыз ашарды) да тезирек, яғный ўақты кириўи менен қылыў мустаҳаб әмел есапланады. Бул ҳаққында Саҳл ибн Саъдтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай дейди: «Инсанлар мудамы ифтарлық қылыўға асығар екен, олар жақсылықта да даўамлы болады...». Термизий ҳәм Аҳмад рәўиятларында: «Аллаҳ азза ўа жалла: «Мен ушын бенделеримниң ең сүйиклиси ифтарлықты тезирек қылғаны», деди», делинген.

Бул рәўиятларда ўақты болыўы менен сол ўақытта аўыз ашыў ҳәм буның менен адамлардың жақсылықта, парахатшылықта даўамлы болыўы ҳәм Аллаҳ таалаға ең сүйикли бенделерден болыўдай сыйлықлар ўәде қылынбақта.

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдиси шәрийфте: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам намаз (намазшам) оқыўдан алдын ызғар қурмалар менен аўыз ашар еди, егер ол болмаса, қақ (қурғақ) қурмалар менен аўыз ашар еди, егер ол да болмаса, бир неше уртлам суў менен аўыз ашар еди», – деп хабар бериледи.

Демек, биз де Пайғамбарымыздың сүннетине ерип, ифтарлық ўақты болыўдан аўзымызды ашып, нәпсимизди бир неше қурма ямаса суў менен қанаатландырып, соң намазшамды оқыўға кирискенимиз дурыс болады екен. Әлбетте, бул оразадар адамның намазда хушуъ менен турыўына, шөллеген, аш болған адамның ойына келетуғын ҳәр түрли қыяллардан аўлақ болыўына жәрдем береди. Сондай-ақ, намазда турыўға күш-қуўатлы болып, намаздың ҳәр бир рукнин толық, туўры орынлайды.

Рамазан айында сақый болыў, жақсылықларды көбирек етиў сүннет болып табылады. Имам Бухарий Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылыўынша, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жүдә сақый еди. Рамазан айында ҳәзирети Жәбрайыл менен ушырасқан ўақтында және де сақый болар еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан айының ҳәр бир түнинде Жәбрайыл алайҳиссаламға Қуранды толық оқып беретуғын еди. Бул күнлерде ол есип атырған самалдан да тезирек жақсылық етиў менен сақый болар еди. Солай екен, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ерип Рамазан айында көп жақсылықларды қылыў, сақыйлық қылыў, жақсы ислерге басқаларды да шақырыў ҳәм иҳсан, сыйлық-садақалар бериў сүннет әмел саналады.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким өтирик сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды тасламаса, оның аўқатты ҳәм суўды тәрк етиўине Аллаҳ таала мүтәж емес», деди». Муқаддес динимиз тәлиматы бойынша мусылман адам тилин мудамы жаман сөзлерден, биймәни гәплерден тыйыўы лазым. Ал, оразадар ушын бул шәрт және де күшли болады. Уламаларымыз бул ҳәдистеги «өтирик сөйлеў», дегенде өсек айтыў, гәп тасыў, жала жабыў ҳәм дослардың арасына суўықшылық салыўшы гәплерди айтыў, пуш гәплерди сөйлеў киби ис-ҳәрекетлерди нәзерде тутқан деген пикирлерди айтады. Ал, «оған әмел қылыў» дегенде Аллаҳ таала ҳәм Оның Расулы наразы болатуғын ҳәр бир қылмыс түсиниледи.

Демек, ораза тутқан адам өзин тек ғана жеп-ишиўден емес, ал пайдасыз, пуш гәп-сөз ҳәм шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйыўы лазым болады екен. Буннан тек ғана Рамазан айында шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйылыў керек екен деп түсинип қалмаўымыз керек, ал бундай ислерден бәрқулла аўлақ болыўды аңлаўымыз керек.

Қысқа қылып айтатуғын болсақ, оразаның мустаҳаблары ҳаққында бәрше дәлиллерди дыққат пенен үйренип шыққан ҳанафий уламалары төмендеги әмеллерди оразаның мустаҳабларынан деп атап өткен:

– Аўқатлық затлар, шай, бир уртлам суў менен болса да сәҳәрлик қылыў. Сәҳәрликти түнниң ақырына шекем даўам еттириў;

– Қуяш батыўы менен тезде, намазшамды оқыўдан алдын аўыз ашыў. Мазалы ҳәм суўлы нәрсе менен аўыз ашыў абзал;

– Аўыз ашарда рәўият қылынған дуўалар менен аўыз ашыў;

– Оразадарларға ифтарлық (аўыз ашар) бериў;

– Жунублик, ҳайыз ямаса нифастан соң қылынатуғын ғусылды илажы барынша кешиктирмей таң атыўдан алдын қылыў;

– Артықша гәп-сөз ҳәм ислерден тилди ҳәм ағзаларды тыйыў;

– Оразаны бузбайтуғын, бирақ адамға рәҳәт, ләззет бағышлайтуғын нәрселерден тыйылыў;

– Шаңарақ ағзалары ҳәм ағайин-туўысқанларға кеңшилик қылыў. Мүтәж ҳәм жарлы адамларға жәрдем қолын созып, иҳсан, сыйлық-садақаларды көбейтиў;

– Қуран тилаўатын ҳәм зикир-салаўатларды көбейтиў.

Демек, ораза тек ғана жеп-ишиўден ҳәм жынысый жақынлық қылыўдан тыйылыў емес, ал соның менен бирге, шәриятымыз қадаған ететуғын барлық ислерден кескин узақласыў ҳәм шырайлы саналған бәрше ислерди зыяда орынлаўды талап етеди.

Сөзимиздиң дәлили сыпатында Салман Фарсий разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисти келтирип өтемиз:

«Динимизде ораза тек ғана қадаған етилген ислер жыйнағы ғана емес: жеп-ишиў жоқ, өсек жоқ, уят сөз ҳәм қылмыслар жоқ, гүна ислер жоқ, таласып-тартысыў жоқ. Ал, ол және бир қанша буйрықлар топламы да болып табылады. Атап айтқанда, ораза ибадат, тилаўат, зикир, тасбиҳ, жақсылықлар ҳәм меҳир-мүриўбет ўақты есапланады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким ол айда бир жақсылық қылса, басқаларында (басқа айларда) парызды орынлаған киби болады, ким ол айда бир парызды орынласа, басқаларында жетпис парыз әмелди орынлаған киби болады. Рамазан сабыр айы. Сабырдың сыйлығы – жәннет. Ол меҳир ҳәм мүриўбет айы», деп мәрҳәмат қылған».

Оразада үш нәрседен тыйылыў менен бирге, оразаның әдеплерине де әмел қылыў керек, олардың айырымларын айтып өтемиз. Олар, көзди ҳарамға қаратпаў, тил менен адамларға азар бермеў, ҳарам ямаса мәкириў сөзлерди сөйлемеў, әтираптағылар менен бақырыспаўы, шаўқым салмаўы, урыспаўы керек. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қашан бириңиз ораза болса, жаман сөз сөйлемесин ҳәм наданлық қылмасын. Егер биреў оның менен сөгиспекши болса ямаса урысажақ болса, «мен оразаман, мен оразаман», десин», деди».

Гейде турмыста бул ҳақыйқатты умытып қоямыз. Ишимизде оразаны тутып алып, күн бойы бийҳуда гәп-сөзлер, ислер менен бәнт болатуғынлар да жоқ емес. Ҳәтте арамызда бир-биреўдиң үстинен өсек, гәп тасыў, дөҳмет қылатуғынлар да жоқ емес. Соның ушын ҳәммемиз өтирик сөз ҳәм оған әмел қылыў оразаның саўабын пүткиллей жоқ ететуғынын ҳеш қашан умытпаўымыз керек.

Ораза тутқан адам тислерин мәсиўек қылып турыўы керек. Амир ибн Рабийъа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Мен Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламды ораза тутқан ҳалында мәсиўек қылып атырғанын санап санына, есаплап есабына жете алмайтуғын дәрежеде көп көрдим». Демек, ораза тутқан адам мәсиўек қылыўы жақсы екен.

Басқаларға үлги болатуғындай әпиўайы, саламатлығына кери тәсир етпейтуғын кийим-кеншек кийиўи керек. Ҳәр қандай жерде де ҳәдден аспаў, салдамлы болып, кишипейиллик пенен мүләйым қарым-қатнаста болыўы дәркар.

Ораза тутыўды нийет еткен адам сәҳәрликте ҳәдден тысқары тойып жемеўи керек. Неге дегенде, дүньяда инсанның қарнынан жаманырақ толатуғын ыдыс жоқ. Аўқатты ҳәдден тыс тойып жеў инсанның ҳәрекетлерин пәсейтеди. Бул өз гезегинде ҳәрекетшеңликти төменлетип, жалқаўлықты келтирип шығарады. Нәтийжеде нийет еткен мақсетимиз зая кетеди. Себеби, оразаның мақсетлериниң бири ашлықты сезиниў, нәпсин жылаўлаў, барлық неъматларды жеткерген Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлик етиў.

Демек, ҳәр бир инсан өзинен келип шыққан ҳалда ораза әдеплерине әмел етип, Аллаҳ таала разылығы ушын ораза тутыўы керек.

«Оразаның пазыйлети» китабынан

Тэглер

ораза