Фото

ҲАҚЫЙҚЫЙ МУСЫЛМАН КИМ?

22 Февраль, 2023 198

«Ҳақыйқый муҳажир – Аллаҳ қайтарған нәрседен узақта болған адам», демекте. Бул тәрийп те тап алдынғы тәрийпте зикир қылынған нәрселерди өзиниң ишине алады. Сөзликтеги мәниси Ўатаннан, ел-журттан ажыралыўдан ибарат болған ҳижрат Аллаҳ қайтарған нәрселерден узақта болыўда да беккем болыўы мүмкинлиги айтылып атыр. Соның ушын, Аллаҳ қайтарған ислер – гүналардан узақта болыўлық та дин-дыянатқа әмел қылыў ушын болғаны себепли муҳажирлик, деп аталмақта. Енди, Термизий ҳәм Насаий рәўиятларында келген:

«Мөмин – адамлар оған қанлары ҳәм малларын исенген адам» деген тәрийпке тоқтайық. Ийман, мөмин сөзлери «аманлық», «исенимли» мәнилерин аңлатады. «Мөмин» сөзи бизлерде «кишипейил» мәнисинде ислетилиўи де соннан. Мөмин адам ҳәмме ўақыт тынышлық, аманлық тәрепдары болғанынан адамлар оған жүдә исенип қалады. Яғный, өз жанлары ҳәм мал-мүликлерине мөминнен жаманлық жетпеўине ҳәмме ўақыт кәмил исенимде болады.

Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. Мусылманларға азар ҳәм жаманлық жеткермеўге ҳәрекет қылыў. Себеби, ким мусылманларға тили менен болсын, қолы менен болсын ямаса басқа жол менен болсын азар жеткерсе, жаманлық қылса, ол мусылманлық пазыйлетинен ажыралады.

2. Аллаҳ таала қайтарған нәрселерден өзин тыйыўға қатты урыныў. Себеби, гүна ислерден тоқтаў менен муҳажирлик дәрежесине ерисиў мүмкин екен.

3. Адамлардың жанына, қанына ҳәм мал-мүлкине көз алайтырмаў. Ким басқалардың өзине болған исенимин жоғалтса, адамлар оннан жанлары ушын, маллары ушын қорқа басласа, мөминлик пазыйлетин жойтқан болады.

Усы ҳәдиси шарийфтиң ҳикметлери бүгинги кунимиз ушын қашелли әҳмийетли екенин айтып отырыўға қәжет бар ма екен? Ҳәзирги күнде адамлар тили ҳәм қолы менен жаманлық жеткермейтуғын мусылманларға қаншелли мүтәж. Жеке адамлар арасындағы мәмилелерге қарасаңыз, мусылман мусылманға түрли жоллар менен азар берип атырғанын көресиз.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам муҳажирлик дәрежесине ерисиў жолын аңсатластырып, Аллаҳ таала қайтарған нәрселерден қайтқан адам – муҳажир екенин жәриялап қойыпты. Негизинде де, Аллаҳ қайтарған ҳәр бир нәрседен қайтыў – мусылман бендениң миннети. Бирақ, меҳир менен, мийрим менен, ўазыйпаны қылған адамға сыйлық – муҳажирлик дәрежеси жәрияланыпты. Хош, бул сыйлыққа мусылманлар қашелли умтылмақта?! Аллаҳ таала қайтарған нәрселерден қаншелли қайтып атыр? Аллаҳ таала мусылманларды өтириктен, ҳарамнан, арақтан, зинадан, зулымнан, урлықтан, алдаўшылықтан ҳәм басқа көп ғана нәрселерден қайтарған. Егер усы ҳәдиске әмел қылғанымызда, көп жаўызлықлар улыўма болмас еди.

Мөминлик әне, қандай жақсы нәрсе! Мөминди көрген адам оннан қуўанады, оған ҳәўес қылады. Мөминлиги ушын оған жанын, малын исенеди. Себеби, мөминлик аманлық тымсалы. Өкинишлиси, ҳәзирде мөминмен, деп жүрген айрым адамлардың қылған ислеринен динге таза жүзленгенлер жаман көрип, ҳәттеки диннен қайтып кеткен ҳаллары да болып турыпты. Ислам тәлиматларынан, Пайғамбар алайҳиссалам сүннетлеринен узақласыўдың ақыбети – усы!



Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 1-kurs talabasi Ibraimov Roman

Тэглер