Фото

АЛДАМШЫ ШАҚЫРЫҚ"ЛАРДЫҢ ҲИЙЛЕСИНЕ ИСЕНБЕҢ!

08 Февраль, 2023 99

Социаллық тармақларда өзин ислампәрўар, әззи мусылманлардың ғамын ойлаўшы етип көрсетип атырған Әбиў Салаҳтың "Негизи ким әззи аҳўалда?" деп аталған аудио маърузасы тарқалды. Бул фитнашы өз маърузасында еки иске бел байлаған:

1. Шам үлкесиндеги болып атырған қырғын урыс ислерди мусылман мусылманның қанын төгиўин, тыныш журтын ўайран етиўди, қанша ҳаялларды жесир, балаларды жетим қылыўға себеп болып атырған саўашларды бул - «Жиҳад» деп әпиўайы мусылман жасларды сол жерге шақырыў.

2. Ҳеш болмаса сол жерге алып бара алмаса да сол тыныш журтты бүлдирип, әпиўайы халықты өз шақырығына көндирип, туўры итиқадлы, өз журтбасшысына бойсыныўшаң мусылман халқымызды әззиликте айыплап, бузғыншылық мақсетинде бир қанша тийкарсыз гәплерди айтпақта.

Пайғамбарымыз саллаллаху алайҳи ўа саллам ҳажжатул ўадаъда былай хитаб қылады:

"Ҳәй инсанлар бүгин қайсы күн? Саҳабалар айтады: “Урыс ҳарам болған күн”, Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтты: “Бул қайсы қала?” Саҳабалар айтады: “Урыс ҳарам болған қала”, Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтты: “Бул қайсы ай?” Саҳабалар: “Урыс ҳарам қылынған ай”, - деди, сонда Пайғамбарымыз алайҳиссалам: “Әлбетте, сизлердиң қанларыңыз, мал-мүликлериңиз ҳәм абырай-итибарларыңыз сизлерге ҳарам, тап бүгинги күнлериңиз, қалаларыңыз ҳәм айларыңыз ҳарам болғанындай", - деп айтты.

Кейин мүбәрек басын көтерип: “Ҳәй, Аллаҳ, жеткердим бе, ҳәй Аллаҳ жеткердим бе?!”, - деди.

(Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты)

Мине, усы ҳәдиси шәрийфтен мәлим болмақта, ҳәр бир мусылман басқа бир мусылманның қанын, мал-мүлкин, абырайын төгиўге ҳаққы жоқ ҳәм бул ис үлкен гүна есапланады.

Әбиў Салаҳ басламасындағы ис те сол бузғыншылыққа шақырыўдан басқа нәрсе емес. Қалаберсе, мусылман халықты ҳәм алымларын

«Әззиҳал» деп өз журт басшысына бойсынатуғын мусылманларды әззиликте айыплап, өз мақсети жолында халықтың басын айландырмақта.

Аллаҳ таала Өз кәламында: “Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға бойсының, Пайғамбарға ҳәм өзиңизден болған басшыларға бойсының” (Ниса сүреси, 59-аят) деп мәрҳәмат қылды. Бойсыныў бул - қорқақлық яки әззилик емес, ал Аллаҳ тааланың буйрығы.

Соның ушын да, уламаларымыз буннан мың жыл илгери басшыларға бойсыныў лазымлығын атап өткен. Сондай-ақ, Имам Әбиў Жаъфар әт-Таҳаўий былай деген: “Имамларымыз, баслықларымыз егер зулым қылса да, оларға қарсы шығыўды ҳақ деп есапламаймыз. Олардан биреўин дуўайыбад қылмаймыз. Оларға бойсыныўдан бас тартпаймыз.

Олар егер гүнаға буйырмас екен, оларға бойсыныўды Аллаҳға бойсыныў сыяқлы парыз деп билемиз. Олардың ҳаққына жақсы дуўалар қыламыз".

Усы темада “Минҳаж ас-суннатин-набаўия” китабында былай делинеди: «Әҳли сунна мәзҳабында белгили гәп бар, яғный бул мәзҳаб уламалары басшыларға қарсы шығыўды ҳәм оларға қарсы қурал көтериўди, ҳәтте оларда зулым болса да, туўры деп есапламайды».

Бир ойлап көрейик журтымызда жасайтуғын қайсы бир мусылман ҳәтте басқа дин ўәкиллери де фитнашы айтқанындай динине я дүньясына зулым көрди? Ибадатына, итиқадына ким тосқынлық қылмақта.

Журтымызда қаншадан-қанша мешитлер, медреселер болып, қалаберсе журт басшымыздың буйрығы менен шөлкемлестирилген фиқҳ, тәфсир, ҳәдис мектеплери, изертлеў орайлары шөлкемлестирилмеди ме?

Тағы бир гәп. Қайсы бул журт перзенти ертеңги таңда мектепке баратырып: "Анажан дуўа қылың егер және көрисиў несип қылмаса", - деп дуўа сорамақта.

Солай екен, бир пикирлеп көрейик, ким не десе исениўшең болмайық. Аллаҳ таала ҳәммемизди туўры жолдан адастырмасын.



Дереклер тийкарында Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқыўшысы Allambergenov Bayram таярлады.

Тэглер