Фото

ҲИЙЛЕЛЕРГЕ АЛДАНБАҢ!

19 Январь, 2023 122

Социаллық тармақларда базы блогерлер Абдуллаҳ Зуфардың “Гүна ислеген жеринен ҳижрат қылыў” темасындағы аудиомарузаны тарқатты. Онда айтылыўынша, инсан гүна қылған жеринен ҳижрат қылыўы керек екен. Бул гәпине психологлардың сөзлери ҳәм тағы өткен үмметлер ишинде жүз адамды өлтирген адамның ҳикаясы айтылған ҳәдисти келтирген. Ҳәдисте сол адамға тәўбе етиў ҳәм жақсы адамлар жасайтуғын жерге барыў усыныс қылынған. А. Зуфар инсан өз журтында турып ийманын беккемлей алмаўы, тақўадар бола алмаўы, буған орталық жол қоймаўын атап өтеди. Ағайинлер үйине кирип келе бериўи, адамды өзинше жасаўға имканият бермеўин айтады. Журтымызда луқманы ҳадаллап болмаўы мийманға барсаң гөшлери қандай, ҳайўанды ким сойған, мушрик сойған ба, басқа биреў сойған ба билмейсең, дейди. Ўатаныңнан ҳижрат қылып кетсең, ол жерде жақынларың, әғайинлер болмайды, өзиң қәлегендей жасайсаң, деп айтады. Ийманлы жасайжақ болсаң – Ўатаннан тысқарыда жасайсаң, деген жуўмаққа келеди. Оған жуўап беремиз, ҳәдистен ҳүким алатуғын инсан жетик алым ҳәм муҳәддис болыўы тийис. Муҳәддис ҳәр бир ҳәдистиң санадын, ондағы рәўият етиўшилерди күшли яки әззилигин, ҳәдистиң айтылған тарийхы ҳәм оған қарама-қарсы айтылған ҳәдис бар яки жоқ екенин, ҳәдистиң ҳүкими бир ҳалатқа тийисли ме яки улыўмалық ҳүкимге ийе екенлиги сыяқлы илимлерден хабардар болады. Ҳәмме ҳәдислердиң дәрежесин ҳәм онда қандай мәни нәзерде тутылғанын үйренип шыққан ҳәфиз-муҳәддислер өз шығармаларын жазып қалдырған. Олардан ҳеш бири «Мәсият жеринен ҳәмме ҳижрат қылыўы керек”, деген гәпти айтпаған. «Мәсият» – сөзликте бойсыныўдан шығыў, сәййидиниң буйрығына қарсы шығыў, қәте қылыў, гүна қылыў сыяқлы мәнилерде келеди. Шәриятта мәсият дегенде гүна түсиниледи. Мәсият дегенде тек ғана адам өлтириў емес, бәлки үлкен гүналардың ҳәммеси кирип кетеди. Мәселен, ата-анаға ақ болыў, урлық, зина, ғыйбат, дөҳмет, биреўдиң мал-мүлкин өзлестириў, судхорлық сыяқлы бир қанша үлкен гүналар да киреди. Базылар жетпис дана үлкен гүнаны санаған ҳәм базылар санаў белгилемеген. Ойлап көриң, сол гүналардың ҳәммесинен сақланған адам таўыла ма? Ҳәмме гүна ислеген мусылманлар ҳижрат қылыў керек пе? Қайсы жерге ҳижрат қылыў керек? Сурияға ма? Абдуллаҳ Зуфар тис-тырнағы менен ҳижратқа шақырып, адамларды ўатангедейи қылыўдан қандай пайда таўады? Не ушын он төрт әсирден берли өткен уламалар, миллионлаған ҳәдислерди ядтан билген муҳәддислер жүрген жолдан басқашалаў жол керек болып қалды? Олар Абдуллаҳ Зуфардай илимге ийе емес пе еди? Яқ! Бул гәплердиң ҳәммеси қандай да бир ғәрезли мақсетлер себепли. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шайтанды көрип, алыслаған болса, ол адам Пайғамбар. Басқа адамға ондай имканият берилмеген. Жер жүзиниң қәлеген жерине шайтан бир дегенде жете алады. Негизинде инсанның ең үлкен душпаны өз ишиндеги нәпси – жаманлыққа буйырыўшы нәпси. Инсан қайсы жерге барса да оннан қутыла алмайды. Соның ушын да, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ҳақыйқый муҳажир – Аллаҳ қайтарған гүналардан ҳижрат қылған адам”, деген. Баҳаўддин Нақшбандий уранларынан бири: «Сафар дар ўатан», «Ўатанда турып, өзиңди мүсәпирдей тутыў» – еди. Ең дәслеп мәсият мөминди ийманнан шығармайды. Гүнаның ең жоқары жақсы еми Ўатаннан ҳижрат емес, гүнадан ҳижрат қылыў. Гүнадан тәўбе етиў. Қаншадан-қанша ўатанласларымыз ҳадал тағам таўып шаңарақ бағып атыр. Ҳеш ким ҳадаллығына гүман болған үйден барып луқма жеўге мәжбүрленбейди. Өз үйинде тақўаның ҳәмме шәртлерин орынлаў мүмкин. Лекин, ҳижрат қыламан деп, мүсәпир журтта аш қалып, гүна ислеўге мәжбүр болса не? Ҳақ-ҳуқықы тәмийинленбеген журтта урысқа мәжбүрленсе не? Мусылманларды өлтириўге мәжбүрленсе не? Буннан артық апатшылық бар ма? Солай екен, қәдир-қымбатымыз кепилленген ана Ўатанда турып өзлеримизди жаңалайық, ҳәр түрли ғәрезли мақсетлер болған шақырықларға алданбайық!



Дереклер тийкарында Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 3-kurs оқыўшысы Mamasoliyev Ahmadjon таярлады

Тэглер