Фото

САЛАФИЙЛЕР МУЖАССИМА АҒЫМЫНЫҢ ДАЎАМШЫЛАРЫ ЕКЕНИНЕ ТАҒЫ БИР ДӘЛИЛ

13 Январь, 2023 121

Төменде базы қәлпеки салафийлер өз итиқадлары бойынша сүйенетуғын китапларынан қатарлар келтиремиз:

Салафий шайхларынан бири Салиҳ ибн Абдуллаҳ ибн Ибраҳим Әли Шайх тәрепинен жазылған "Әл-лаалил баҳийя фий шарҳ әл-ақыйда әл-ўәситийя" китабының 62-бөлиминде былай дейди: "Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: "Дозаққа тоқтаўсыз түрде (инсанлар) ылақтырылады, ал ол "Және зыядасы бар ма?", - деп турады". Яғный, өзине адамлар тасланыўын сорай береди. "Сонда иззет Рәбби (Аллаҳ) оған қәдемин қояды". (Имам Муслим рәўияты)

Бул жерде Пайғамбар алайҳиссаламның "қояды" деген сөзлери, жоқарыда баян еткенимиздей, "қәдем"нен мақсет бизлер билген аяқ екенине дәлалат қылады. Себеби, мине сол бизге мәлим болған аяқ ғана "қойыў" менен сыпатланады. Оны "Аллаҳтың илгери өткен буйрығы (әмири)", деп таъўил қылыў болса, жоқарыда айтылғанындай, бузық ҳәм жалған гәп".



MUHAMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY ORTA ARNAWLI ISLAM BILIM JURTI 3-KURS TALABASI NAJMIDDINOV MUHAMMADDIN

Тэглер