Фото

САЛАФИЙЛИКТИҢ УНАМСЫЗ ДАЎАЛАРЫ

04 Январь, 2023 107

Қәлпеки салафийлик ағымы Ислам дининдеги ҳүким ҳәм пәтўаларды дәўир талапларына көре емес, ҳижрий сәнениң дәслепки 3 әсирине муўапық рәўиште ен жайдырыўды алға сүриўши ағым есапланады.

Ағым ағзалары 14 әсирден берли Исламның уллы алымлары фақиҳ ҳәм мужтәҳидлери қабыл қылған пәтўаларға әмел етиўге қарсы шығады.

“Салаф” сөзи араб тилинде “алдын өткен”, “әўел жасаған” деген мәнини билдиреди. Терминологиядағы мәниси Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм оннан кейин шама менен 300 жыл жасап Ислам динине хызмет еткен алымлар “салафи солиҳинлер” түсиниледи.

Ақырғы пайытларда “салафи солиҳлерге ериў"ди нықап қылып Исламий жәмийетлерге Исламның дәслепки дәўирине қайтыўға шақырыўшы мутаассиб қәлпеки салафий ағымлар көп байқалмақта.

Бул ағым ўәкиллери өзлери ушын 1263 – 1328-жылда жасаған Ибн Таймияның пикир ҳәм қарасларын масластырып алады. Ибн Таймия да өз нәўбетинде кескин ҳәрекетлери себепли 4 мәрте зинданға тасланған. Өзи жасаған дәўир алымлары тәрепинен көп сынға алынған. Ол 1328-жылда қамақханада өлген.

Ибн Таймияның пикирине көре әсирлер өтиўи менен Ислам динине түрли бидъат ҳәм хурофатлар кирген, оларды тазалаў зәрүр, буның ушын “мәмлекетти шәриятсыз басқарған ҳүкимдарға жиҳад жәриялаў керек” деген идеяны илгери сүрген. Бул болса, кейинги әсирлерде радикал сыясый ағымлардың пайда болыўына үлкен майдан жаратқан.

Ибн Таймияның Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, саҳабалар ҳәм ўәлий инсанлардың қәбирин зыярат қылыў, сондай-ақ, тәўҳид, Аллаҳтың мәканы, тәкфир (куфр келтириў) ҳәм басқа ақыйдалық мәселелерде ашъарийлик ҳәм матуридийликке қарсы пикирлери сол дәўир мусылман уламаларының кескин наразылығына ушырап, көплеген қарсы пикирлер жазылып, кескин гүрес алып барылған.

Сондай болса да, бундай идеялар кейиншелли түрли мутаассиб топар ҳәм ҳәрекетлер жетекшилери идеялогиясына тийкар болып хызмет қылған.

Буның ақыбетинде “Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шәпәәтинен ҳеш қандай пайда жоқ”, деген идеялар тарқалып, муқаддес зыярат орынлары ўайран қылынған.

Кейиншелли Жамалиддин Афғаний, Муҳаммад Абдуҳ ҳәм Абдураҳман Каўкабийлерге уқсаған радикал ен жайдырыўшылар “Реформашы салафийлер” атын алды. Олар XIX әсирдиң орталарында жасаған, ҳәм де “мусылман халықлардың диний сыясый бирлеспеси” атлы идея ислеп шықты. Буннан мақсет бар мәзҳабларды жоқ етиў, мәзҳабсызлыққа алып барыў еди.



MUHAMMAD AL BERUNIY ORTA ARNAWLI ISLAM BILIM JURTI 3-KURS TALABASI XO'JAMBERDIYEV MUHAMMAD

Тэглер