Фото

Идеологиялық дузақлар

10 Март, 2023 120

Интернеттеги идеологиялық дузақлар мәдениятқа мегзеўи ҳәм жасларға майдай жағыўы менен де оғыры қәўипли. Инсаний қулықта терис ғалаба мәденият айырым жаслар санасына шаң салып, мәнаўият кемириўшисине айланбақта. Ашынарлысы, сол «Мәденият» тәсирине берилип қалғанлығын яки оның қурбанына айланып атырғанын көбинесе жаслардың өзлери сезбейди. Глобал ахборот системасындағы хабарларды «Фильтрсиз» қабыллаў ақыбетинде жаслар санасы зәҳәрленбекте.

Мәселен, бир керекли болған мағлыўматты алыў мақсетинде сайтқа кирген жаслардың «Пәленше атақлы адам апатшылыққа ушырады» сыяқлы дағазаға көзи түседи ҳәмде оны ашып көреди. Ал, ол жерде тағы бир сайт ашылады ҳәм онда алдамшы хабарлардың даўамын оқыйды. Усы тақылетте сада жаслар ғәрезли кимселердиң дузағына илинеди. Бундай жеркенишли «Мәденият» тәсирине берилген өспирим бийпәрўа, өмирге жеңил-желпи қарайтуғын, журт раўажы ҳәм халық тынышлығына парықсыз кимсе болып үлкейеди. Сондай-ақ, ғалаба мәденият дузағына илинген балалар инсан қәлеген исин ислей бериўи мүмкин, деп биледи, яғный манқуртқа айланып қалыўы анық.

Социаллық тармақлардың шаңарақ ҳәм жәмийет турақлылығына көрсетип атырған ең үлкен қәўиплеринен және бири – олардағы сәўбетлер себепли көплеген тыныш-татыў шаңарақлар бузылып атырғанлығы. Перзентиниң жақсы келешегин қәлейтуғын ҳәр бир ата-ана тәрбия мәселесине оғада итибарлы болыўы тийис. Бала тәрбияны ҳәр түрли компьютер ойынлары, интернет ҳәм социаллық тармақлардан емес, ең дәслеп әкелеринен, аналарынан, аталарынан ҳәм кемпир апаларынан ийгиликке, пәкликке, динге ҳәм дыянатқа шақыратуғын китаплардан алсын.

Инсанлар қәлби ҳәм санасы ушын үлкен гүреслер болып атырған глобалласыў дәўиринде жоқары мәнаўият, әдеп-икрамлылық тәрбиясына итибарды күшейтиў оғада әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Өсип атырған жас әўладты диний ҳәм миллий қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, олар қәлбинде өз халқы, Ўатанына меҳир-мүриўбет сезимлерин күшейтиў, оларды ҳәр түрли бузғыншы күшлердиң ахборот ҳүжимлеринен ескертиў, мүнәсип түрде қорғаўдан ибарат.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 1-курс талабасы Аллаяров Шарофиддин.

Тэглер

Сергеклик