Фото

Экстремистлик ҳәм террористлик идеялардың қǝўипи

09 Март, 2023 126

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысы басшылығында мәмлекетимизде муқәддес динимиз пәклигин сақлаў, ислам мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ата-бабаларымыздың илимий мийрасларын үйрениў, олар жерленген орынларды абат етиў барысында кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Халықаралық майданда түрли экстремистлик ҳәм террористлик шѳлкемлер тәрепинен дүнья ҳалқына қарсы әмелге асырылып атырылған ҳәр түрли идеялар, ѳзлериниң қатарын толтырыў мақсетинде пуқаралар, әсиресе, жаслар арасында ѳзлериниң идеяларын үгит-нәсият етиўге болған урыныслар жүдә белсене алып барылмақта.

Сондай-ақ, бүгин интернет инсанияттың турмыс тәризи ҳәм ѳмириниң ажыралмас бѳлегине айланған, әсиресе интернеттиң социаллық тармақлары арқалы тек ғана жақсы мақсетте емес, бәлки адамлардың сана-сезимин бузатуғын, терроризм, экстремизм, мәмлекетлердеги тәртипсизликлерди әмелге асырыў менен бирге, пүткил инсанияттың бүгинги күни ҳәм келешегине тосқынлық салыўшы ѳз идеяларын тарқатыў менен искерликлерин жеделлестириўши топарлар, жәмийет раўажланыўына кери тәсир етиўши қәўип-қәтер болып ҳызмет етпекте.

Айтып ѳтиўимиз керек, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әне сондай экстремизм идеялары тәсирине алжасып түсип қалған пуқараларды социаллық реабилитация етиў, саламат ѳмирге қайтарыўда инсаныйлық, кеширимлилик ҳәм ашық кеўиллилик принциплери тийкарында бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Сол менен бирге, Ѳзбекстанда улыўма орта мектеплерде “Динтаныў”, “Дүнья динлери тарыйхы”на уқсаған пәнлерде бир қанша динлер ҳәм олардағы ибадатлар ҳаққында анық мағлыўмат берилиўи, сондай-ақ, усы пәнлерде ҳәр бир инсанда инсаныйлық, ўатанпәрўар, ата-анаға ҳүрмет, инсанлар арасында ѳз-ара меҳир-мүриўбет исенимлерин кәмал таптырыўға хызмет етиўши Қураны кәрийм аятлары, ҳәдиси шәрийф ҳәм ҳәр түрли диний мазмундағы рәўиятлардан үлгилер келтирилген темалар бир қанша екенлигин айтып ѳтиўимиз керек.

Бул болса, өз гезегинде Ѳзбекстандағы жаслар санасында руўхый бослық жүзеге келмеслиги ушын олардың қәлби ҳәм санасында саламат ѳмир тәризи, миллий ҳәм улыўма миллий қәдириятларға ҳүрмет сезимин балалық ўақтынан баслап қәлиплестириўимиз зәрүрлигинен белги береди.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Зарипбаев Умиджон.

Тэглер

Сергеклик