Фото

МИССИОНЕРЛИК ҲӘРЕКЕТЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА

09 Март, 2023 99

Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң шет еллер ушын елимиз есиклери ашылды. Регионда елимиздиң, ийелеп турған абыройы ҳәм халқымыздың бир-биринен гөззал үрп-әдетлерине қызығыўшылық артты. Бул жағдай жақсы нийетли бирге ислесиўшилер менен бир қатарда ғәрезли мақсетлердеги «мийманлар»дың келиўине де себеп болды. Олардан бири инсанларды дининен айырыў мақсетиндеги миссионер секталар есапланады. «Миссио» сөзи «жибериў», «ўазыйпа тапсырыў», яғный, «ўазыйпаны орынлаўшы» деген мәнилерди аңлатады. Ал, миссионерлик белгиленген ўазыйпаларды шешиўде жәрдем беретуғын қандай да бир динди ен жайдырыў есапланады.

Тарийхта миссионерлер Америка, Азия, Африка халықларын бойсындырыўда ашықтан-ашық ямаса астыртын қатнасқан, басып алыўшыларға жәрдем берген.

Миссионерлердиң өзге дин ўәкиллери арасындағы хызмети бәрқулла сол регионның турақлылығы, халқынын тынышлығының бузылыўына, ҳәттеки қан төгилиўине себеп болған. Мысалы, Шығыс Тимор атаўынын Индонезиядан бөлинип шығыўы ўақыясын бақлаған қәнигелер бул исте миссионерлер тиккелей қатнасқанын айтады. Африка материгинде де миссионерлер себепли көп қан төгилди. Ҳәзирги күни Судан мәмлекетинде де миссионер секталар жергиликли халықтың христиан ҳәм мусылман қәўимлери арасында жәнжел шығарыўға урынбақта. Миссионерлердиң гәплери мүләйим, «сақыйлықларының» шегарасы жоқ болып туйылыўы мүмкин, бирақ олар үгит-нәсият етип атырған нәрсе таўҳид емес. Христианлық нықабында сапларының тәсир шеңберин кеңейтпекши болған миссионерлер үгитлеп атырған нәрсе ширктиң түрли көринислери есапланады.

Миссионерлик жолы менен христиан динин үгит-нәсиятлаў тарийхта колониялық империяларды тиклеў ҳәм беккемлеўде идеологиялық қурал сыпатында қолланылған. Миссионерлер XIX-XX әсирлерде Азия халықларын ийелеўде астыртын рәўиште қатнасқан. Олар ҳәзир де бул ҳийлелерин даўам еттириў ҳәрекетинде. Миссионерлердиң мақсети үш ноқатта жәмленеди: халықларды христианластырыў бәнеси менен оларды экономикалық, сиясий, мәнәўий жақтан батыс еллериниң тәсир шеңберине түсириў, адамларда өз динине шубҳа оятыў ҳәм дининен шығарыў, бузғыншылық қылыў, адамлар-ды адасқан исенимлеринде беккемирек турыўға шақырыў ҳәм олардың қатарын толтырып барыў.

Елимизде пәк исламый исеним — Ислам дини нызам жолы менен қорғалады. Оның көрсетпелери мусылман халқымыздың ийгиликли арзыў-нийетлери әмелге асыўы ушын ең туўры жол болып есапланады.

Миссионерлер алды менен динимизден жақсы хабардар болмаған әпиўайы, тәжирийбесиз адамларға қармақ таслайды. Демек, қәўиптен абайлы болыў ушын дәслеп, динимизди пуқта үйрениўимиз, пәк ақидамыз, жуўапкершилик, ҳақ-ҳуқықларымызды жақсы билиўимиз, оларға әмел қылып жасаўымыз керек.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Обидов Абдураҳим

Тэглер