Фото

Кабийра гүна себепли күпирге ҳүким етилмейди

15 Февраль, 2023 188

Бүгинги күнде Аллаҳты бенделерине уқсатып, Қурани Кәрийм аятлары, ҳәдислеримиз мәнисин жүзеки түсиниўи менен турмай, мусылманларды гүнасы ушын кәпирге шығарып, өзлериниң надурыс ағымларына тартыўға ҳәрекет етип атырған топарлардың бар екенлиги жәмийетти тәшўишке салатуғын машқалалардың бири болып қалмақта. Бул жағдайды социаллық тармақларда айырым шахслардың дәлийлленбеген, тийкарсыз мағлыўматларды тарқатыўында көриўимизге болады. Уламаларымыз ерте дәўирлерден-ақ бундай адамларды «мушшаббиҳлер, (Аллаҳты адамға мегзетиўши адасқан ағым) «мужассималар» (Аллаҳты адам сыяқлы денеден ибарат деп есаплаўшы ағым) деп атап, олардың қәўипи ҳаққында ескерткен. Инсанды күпирде айыплаў ҳаққында Аллаҳ таала Қурани Кәриймде былай келтиреди:

Сизлерге сәлем бергенге (ямаса тәслим болған адамға) дүнья өмириниң өткинши олжасын гөзлеп «мөмин емессең» - демең (Ниса сүреси, 94-аят).

Демек, Аллаҳ бул аят арқалы биреўдиң мөмин емеслиги ҳаққында ҳүким шығарыўға асығыслық етиўден қайтарады. Пайғамбарымыз (с.а.ў) «Лә иләҳә иллаллаҳу, Муҳаммәдур расуўлуллоҳ» деп турған мөминди кәпирге шығарыўдың өзи жүдә аўыр ис екенлиги ҳаққында бир қатар ҳәдислерде баян еткен. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай дейди: «Үш нәрсе ийманның дереги: «Лә иләҳә иллаллаҳ» деген адамға тиймеў, гүнасы ушын кәпирге санамаў, еткен әмеллери ушын Исламнан шығармаў ( Имам Абу Даўыт рәўаяты). Басқа ҳәдислеримизде де: «Ким мөмин адамды кәпирге шығарса, оны өлтирген сыяқлы гүнаға батады», (Имам Бухарий рәўаяты) деп келтириледи. Сондай-ақ, ҳәзирде айырым ағымлар қәбир азабы, қыямет күни жақынласқанда дажжал шығыўы, ақырет күни еткен әмеллер өлшениўи ҳаққындағы шәрият келтирген дәлийллер менен ҳәдислеримизди бийкарлағысы келеди. Улыўмаластырып айтқанымызда, бундай ағымлар қыямет күнине шекем даўам етип, надурыслығы ушын сәтсизликке ушырап жоғалып бара береди. Ал, Әҳли сүнна ўәл жәмәә болса, қыямет күнине шекем даўамлы болады. Аллаҳ бәрше мусылманларды туўры жолынан адастырмағай!

Рахимжан Тлеубаев, Мойнақ районы «Тоқпақ-ата» мешити имам-хатиби.

Тэглер

Дин