Фото

Тәўбe есиги ҳәмийше ашық

12 Февраль, 2023 202

Тәўбe дегени қайтыў дегени. «Инсан тәўбe қылды» дегени «қәтелерден, гүналардан қайтты, алдын қылған гүналарына пушайман болды» дегени. Қуран тәўбeге үлкен әҳмийет берип, көп ғана аятларда еслетип ѳтеди:

«Ким (бул) зулымынан кейин тәўбе қылса ҳәм (өзин) дүзетсе, Аллаҳ әлбетте, оның тәўбесин қабыл етеди. Әлбетте, Аллаҳ - Кеширимли, Мийримли», (Маида сүреси, 39-аят).

«Рәббиңиз Өзине мийирманшылықты жазды:

Сизлерден ким билместен жаманлык (гүна ис) қылса, соң оннан (гүнасынан) кейин тәўбе қылып, (өзин) дүзетсе, онда, әлбетте, Ол - Кеширимли, Рейимли», - деп айт», (Анъам сүреси, 54-аят).

Көбинесе, Қураны кәриймде истиғфар менен тәўбе избе-из келген: «Пәрўардигарыңызға истиғфар айтың, соң оған тәўбе кылын» сыяклы.

Себеби, тәўбеге баслаўшы нәрсе истиғфар есапланады. Солардан көринип турғанындай,

Аллаҳтың мағфиратын сораўда тәўбе қылыўдан басқа жол жоқ. Себеби, гүнакар адам дурыс жолдан жүз бурған болады. Солай екен, ол гүналардан қайтпаса, мағфират талап етиўге имканияты жоқ. Демек, истиғфар зәрүр нәрсе болып, тәўбе оны толтырып келеди. Қуран талап қылған тәўбе гүна жүз бериўи менен дәрҳал орынланыўы керек. Ўақыт ѳтип, жаманлықлар көбейип кетпеўи тийис. Қураны кәриймниң «Ниса» сүресинде:

«Әлбетте, Аллаҳтың тәўбени қабыл етиўи тек жаманлықты (гүнаны) билмей ислеп қойып, соң тез тәўбе қылғанлар ушын ғана (анық) болады. Аллаҳ әне солардың тәўбесин қабыл етеди. Аллаҳ - Билиуши, Ҳикметли» (17-аят).

Аллаҳ тәўбениң қабыл болыўына еки шәрт қойған:

1. Жаманлықты билместен ислеў.

2. Тез де тәўбе қылыў.

Бирак, инсан жаманлықты өзине әдет қылып алса ҳәм әжели жақынласқанда тәўбе қылса, тәўбеси қабыл болмайды. Бул ҳаққында «Ниса» сүресинде былай делинген:

«Гүналарды ислеп жүрип, ҳәтте биреўине ѳлим келгенде, «ҳәзир тәўбе қылдым», дегенлердиң ҳәм кәпир ҳалында ѳлетуғынлардың тәўбеси қабыл етилмейди. Әне соларға аўыртыўшы азап таярлап қойғанбыз», (18-аят).

Қуран Аллаҳтың мағфиратына ерисиў ушын тәўбе менен бирге жақсы ислер де қылыныўы кереклигин еслетеди:

Әлбетте, Мен тәўбе қылған, ийман келтирип, ийгиликли ис қылған, соң туўры жүргенлерди кешириўшимен» (Тоҳа сүреси, 82-аят).

«Тек ким (бул дүньяда) тәўбе қылып, ийман келтирип, ийгиликли ис қылса, онда Аллаҳ әне солардың жаманлық (гүна) ларын жақсылық (саўап) қа алмастырады. Аллаҳ - Кеширимли, Рейимли», (Фурқон сүреси, 70-аят).

Демек, тәўбе әҳмийетли әдеп-икрамлық фактор есапланады. Кимде-ким оны кешиктирсе, инсаный пазийлетлерден айырылады. Кимде-ким оған асықса, өзин тәрбиялаған болады ҳәм жаманлықты тамамлаўда үлкен күшке ийе болады.

Абдуразақ Садиков, Мойнақ районы «Қарақум ийшан» мешити имам-хатиби.


Тэглер

Дин