Фото

ХАТЫМ ҚУРАННАН КЕЙИН ДУЎА ЕТИЎДИҢ ПАЗИЙЛЕТИ

11 Февраль, 2023 1164

Ислам дини дәреклеринде ҳәр бир жағдай ушын - жақсы-жаман күн, кеўилли ҳәм мүсийбетли демлерде айрықша дуўаларды оқыў ҳаққында көп айтылған.

Мине усы дәстүрге муўапық Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалары Кеңеси басламасы менен елимизге келген аномал суўық себепли бул сынаўлы күнлердиң тез пурсатта арылыўы, кем шығын менен шығыў ҳәм де түрли тәбийий апатлардан сақлаўын Жаратқаннан сораў мақсетинде, усы жылдың 16-январь, 9-февраль күнлери имам-хатиблер, имам-найыплар ҳәм де диний билим бериў орынлары студентлери ҳәм медресе оқытыўшылары тәрепинен хатым Қуранлар, “Солатун нория” ҳәм де “Солатун тунажжино” салаўат зикирлери оқылып, дуўалар етилди.

Қураны кәриймди хатым етиў пазийлетли, сүннет әмел болып табылады. Еки дүнья бахтына еристириўши бул муқәддес китап хатманасы жүдә көп саўапларға ийе етеди. Соның менен бирге, хатым Қураннан кейин етилген дуўалар қабыл болады.

Сол себепли, мине усындай сынаўлы күнлерде имам-хатиблер, диний билим бериў орынлары студент ҳәм медресе оқытыўшылары тәрепинен 18 572 мәрте Хатым Қуранлар, 3 870 878 мәрте “Солатун нория” ҳәм де 2 949 069 мәрте “Солатун тунажжино” салаўат зикирлери оқылып, дуалар әмелге асырылды.

Хатым Қуранлар жуўмақланды ҳәм де Аллаҳ тааладан барлық мѳмин-мусылманларды ҳәр қыйлы апатлардан Ѳзиниң қорғаўында сақлаўын дуўа етемиз.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер

Дин