Фото

Диний фундаментализмниң зыянлы ақыбетлери

11 Февраль, 2023 187

Ислам дини адамларға тек ғана дин ҳүкимлерин үйретип қоймастан,жәмийет руўхый дүньясының жоқары болыўына итибар қаратқан,социаллық-сиясий талаплар мәпине зыян жеткермейтуғын дин есапланады. Тилекке қарсы,бүгинги күнде дин тәлийматынан толық хабардар болмай турып оннан сабақ бериўшилер санының көбейип атырғанлығы ҳәм усының нәтийжесинде диний фундаментализмниң жәмийет ишине кирип келиў себеплери ушыраспақта. Шәриятымыз инсан өз өмири,жәмийетти умытып динге ҳәдден тыс берилиўге мудамы қарсы болған.

Қурани Кәрийм аятлары ҳәм ҳәдислерде бул бидат есапланған. Усы орында орынлы сораў пайда болады.

Диний фундаментализм дегенимиз не?

Фундаментализм-қандай да бир исеним яки көз-қарасқа ҳәдден тыс берилиў,жәмийет,өзи жасап атырған орталықтағы адамлардың пикирин инабатқа алмай,өз пикирлерин ҳақ деп есаплаў.

Алла таала Қурани Кәриймде сондай деп келтиреди:

"Динде мәжбүрлеў жоқ. Ҳақыйқатында да,туўры жол қәте жолдан ажыралды. Ким шайтанға күпир келтирип,Аллаҳға ийман келтирсе,анық,үзилмейтуғын беккем тутқышты услапты. Аллаҳ-Еситиўши,Билиўши.(Бақара сүреси 256-аят)

Мине усы аятты ҳәр ким өзинше түсинеди. Бир инсанға "намаз оқың, ораза тутың, мал-дүньяңыз жетсе закат бериң,Аллаға хош келмейтуғын ислерден тыйылың"-деп инсапқа шақырылса,ол адамның нәпси ақылдан үстин келсе,динде мәжбүрлеў жоқ екенлигин сылтаў етип өзин ҳақламақшы болады. Бирақ адамлар арасында өзин Мусылман деп есаплайды. Негизине келсек, бул ибадатлар ҳәр бир Мусылман орынлаўы тийис әмеллер саналады. Айша анамыз (р.а) алдына Пайғамбарымыз (с.а) келгенинде бир ҳаялға көзи түсип,оның ким екенлигин сорайды. Сонда Айша анамыз(р.а) оның мудамы ибадатта болған ҳаял екенлигин айтады. Бул жуўапты еситкен Пайғамбарымыз(с.а) былай деди: "Әлбетте,дин жеңилдур. Ким динге қаталлық(мәжбүрлеў)етсе,дин әлбетте оны жеңеди. Туўры болыңлар ҳәм жақын болыңлар"! (Имам Бухарий рәўаяты).

Буннан шығатуғын жуўмақ: бүгинги жасларымыз дин ҳаққындағы билимлерге қызығыўшылық болғанында әлбетте,мазҳабымыз буйырған ҳалатта үйрениўи мақсетке муўапық болады.

Рахимжан Тлеубаев

Мойнақ районы "Тоқпақ-ата" жәмәәт мешити имам хатиби,район бас имам хатиби.

Тэглер

Сергеклик