Фото

Пазийлетли ражап айы ҳаққында

24 Январь, 2023 917

Қураны каримде айлардың саны он еки етип жаратылғаны, булар биргеликте жыл есабын шөлкемлестириўи айтылған. Аллаҳ таала әне усы айлардың төртеўин, яғный Муҳаррам, Ражап, Зулқада, Зулхижжа айларын “ҳарам”, яғный урыс ҳәм қан төгиўлер ҳарам етилген айлар деп жәриялады. Бул айларда урыс қылыўды Аллаҳ таала ҳарам еткен. Усы тѳрт айда егер урыс болса, Алланың ҳүкмин өзгертирип, ҳарам затты ҳадал есаплаў болады. Сонлықтан, бул үлкен гүнә болып табылады. Ҳижрий - қамарий календардың жетинши айы Ражап болып, ол ҳарам айлардың бири болып табылады. Бул мүбәрек айға байланыслы бир неше мағлыўматлар бар. Олардың айырымлары усы айдың ҳарам айлардан бири екенин айтады.

Урыс ҳарам етилген айлар - Зулқада, Зулхижжа, Муҳаррам ҳәм Ражап айлары жақсылық негизи етип қойылғаны, бул айлар ҳүрметлениўи зәрүр. Бул айларда жәҳилият (ислам дини кирип келмесинен бурын) ўақтында да урыслар тоқтаған.

Абу Бакр разияллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдисте айтылыўынша, Набий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам хутба оқып: “Әлбетте, заман Аллаҳ аспан-жерди халық қәлеген күниндеги кѳринисинде етти. Бир жыл он еки ай. Олардан төртеўи ҳарам айлар. Үшеўи избе-из: Зул қəда, Зул ҳижжа ҳәм Муҳаррам ҳәм Жумади ҳәм Шəбан арасындағы Музардың Ражабы», деди” (Имам Бухарий, Муслим ҳәм Абу Даўыд рәўияты).

Ражап айы да муҳаррам айлардан болғаны ушын нәпил ораза тутыў көп саўапқа ерисиўдиң жолларынан бири есапланады. Усман ибн Ҳакимнен рәўият етиледи: “Ражап айында турғанымызда Сəид ибн Жубайрдан Ражап оразасы ҳаққында сорадым. Ол: «Ибн Аббастың: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ораза тутар еди, ҳәтте аўызын ашпаса керек, дер едик. Аўызы ашық болар еди, ҳәтте ораза тутпаса керек, дер едик», деп атырғанын еситкенмен», деди”.

Усман ибн Ҳаким Сəид ибн Жубайрдан Ражап айы оразасы ҳаққында сораса да, ол Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның турақлы әдетлери ҳаққында жуўап берген. Ол саллаллаҳу алайҳи ўасаллам гейде қатарына ораза тутар еди, ҳәтте адамлар ол аўызын ашпаса керек, деп ойлап қалар еди. Гейде болса, қатарына аўызы ашық жүргенинен адамлар енди ораза тутпаса керек, деп ойлап қалар еди. Ол Ражап айында да сондай еткен екен.

Мужийба ал-Баҳилийя разияллаҳу анҳадан, ол адам өз әкесинен рәўият етеди: “Оның (әкеси) Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам алдына барады. Кейининен болса бир жылдан кейин тағы жағдайы ҳәм көриниси өзгерген ҳалда келипти ҳәм: «Ҳәй Алланың Расули, мени танымай атырсызба?», депти. «Сени не өзгертти, алдын шырайлы көринисте едиң?», деди. «Сизден ажырағаннан кейин тек ғана түнде аўқат жедим», деди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Не ушын өзиңди азапқа қодың?», деди де, кейининен: «Сабыр айы оразасын тут ҳәм ҳәр айдан бир күн тут», деди. «Бир аз қосың, мениң жетерли қуўатым бар», деди. «Еки күннен ораза тут», деди. «Бир аз зыяда етиң», деди. «Үш күннен руўза тут», деди. «Бир аз зыяда етиң», деди. «Ҳарам (ай) ларда ораза тут, кейининен тәрк ет, ҳарам (ай) ларда ораза тут, кейининен тәрк ет, ҳарам (ай) ларда ораза тут, кейининен тәрк ет, деп үш бармағын бүгип-жазып көрсетти” (Абу Даўыд, Аҳмад ҳәм Насаий рәўият еткен).

Солай екен, Ражап айында нәпил ораза тутыў саўаплы ис есапланады. Белгили «Саҳиҳ» китапларынан басқа ҳәдис китапларында келтирилген рәўиятларда Ражап айында ораза тутқанларға үлкен саўаплар ўәде етилген. Бирақ ең саҳиҳ болмаған рәўиятларда ҳәдден тыс үгит-нәсиятлаў бар екенлигин де умытпаў керек.

“Ким дүнья саўабы (олжа) н нийет етсе, оған сондан беремиз. Ким ақырет саўабын нийет етсе, оған (да) сондай беремиз. Шүкир етиўшилерди болса, әлбетте, сыйлықлаймиз”.

Ражап айын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қалай өткерген?

- Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Ражап айында ораза тутқан. Усман ибн Ҳәкимнен рәўият етиледи: “Сəид ибн Жубайрдан Ражап айында турғанымызда Ражап оразасы ҳаққында сорадым. Ол: “Ибн Аббастың: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ораза тутар еди, ҳәтте аўызын ашпаса керек, дер едик. Аўызы ашық болар еди, ҳәтте ораза тутпаса керек, дер едик”, деп атырғанын еситкенмен”, деди”.

- Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Ражап айында көп истиғфар айтыўға шақырған. Саййидул истиғфар: “Аллаҳумма анта роббий лә иләҳа иллә анта холақтаний ўа ана абдука ўа ана ала аҳдика ўа ўаъдика мастатоту аъузу бика мин шарри ма сонаъту, абуу ләкә биниъматика алайя ўа абуу бизамбий фағфирлий фаиннаҳу ла яғфируз зунуба илла анта”.

- Ражап айы киргенде Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Аллаҳумма бәрик лана фи ражабин ўа шаъбана, ўа баллиғна рамазана” (“Ямаса Аллаҳ, Ражап ҳәм шабан айларында бизлерге берекет бер ҳәм бизлерди рамазан айына жеткер!”) деп дуўа еткен (Имам Байҳақий ҳәм Имам Табараний Анас ибн Малик разияллаҳу анҳудан рәўият еткен).

Аллаҳ таала “ҳүрметлеген, урыс ҳарам етилген муҳаррам”, айлардан болған Ражап айын ҳәммемизге мүбәрек етсин. Жәннетмәкән журтымыз аспанын ашық, халқымызды тыныш ҳәм пәраўан етип, ўатанымыздың парахатшылығын ҳәм қәтержамлығын беккем қылсын. Әзиз ѳмиримиздиң ҳәр бир жылы ҳәм айын саўаплы әмеллер, жақсылықлар ҳәм жақсы ислер менен безеўимизди несип етсин.

Ф. Матякубов.

Zamaxshariy.uz сайтынан Тахтакѳпир районы «Айымбет ийшан» мешити имам-хатиби Имамов Исмайыл таярлады.

Тэглер

ораза