Фото

Ислам дағы биринши иртки

21 Январь, 2023 166

Белгили уламалардың атап өтиўише Исламдағы биринши иртки Ҳәзирети Усман разияллаҳу анҳу дәўирине туўры келиўин айтады. Биринши иртки деп аталыўына себеп мынада, Расулуллаҳ салаллаҳу алайҳи ўасалламнан кейин де түрли ирткилер болған. Бирақ ғалабалық түс алмаған. Ҳәзирети Усман разияллаҳу анҳу дәўиринде болса ирткилер қулпы сындырылған еди. Ўақыяны қысқаша баянлайтуғын болсақ, бир күни Ҳәзирети Усман ораза тутқан ҳалында Қуран оқып отырған еди. Күтилмегенде ирткишилер қолында қурал менен оның жанына қаст етиў нийетинде жасырынша артынан кирип барды. Олардан бири Усман разияллаҳу анҳуға жақынласып қолындағы зәҳәрленген пышақ пенен соққы берди. Соққының күшинен Ҳәзирети Усман разияллаҳу анҳу ҳушсыз болып, жерге жығылды. Мүбәрек қаны болса тиләўат етип турған Қуран үстине шашырады. Кәраматты көриң Қуранның қан шашыраған бети ирткишилер ҳаққындағы аят еди. Аяттың мазмуны: “Аллаҳ сизди олардан тез де қорғайды. Аллаҳ еситиўши ҳәм билиўшидур”.

Тағы қуралланғанлардан бири Ҳәзирети Усманға жақынласып соққы бермекши болған еди ҳаялы Усманды қорғап, оның үстине ѳзин таслады. Кескир қанжары ҳаялдың қол ҳәм бармақларын кесип кетти. Олар Ҳәзирети Усманды өлгенин билгеннен кейин, үйиндеги затларды талан-тараж қылды. Олар Аллаҳтан қорқпады. Қураны каримди де ҳүрмет етпеди ҳәм урыс ҳарам етилген Зулҳижжа айын да итибарға алмады. Бул ўақыя мусылманша жыл есабы менен 35-жыл, 8-Зулҳижжа айында жүз берген еди. Солай екен, иртки басланғанда ҳүрметке ийе муқәддес тулғалардың ҳеш қандай ҳүрмети қалмас екен. Жоқарыдағы ўақыядан жуўмақ шығаратуғын болсақ ирткилер жәмийетти тәртипсизликке келтирип, адамлар арасында түрли даўларға себеп болады. Ақыр-ақыбет бул қарама-қарсылықлар қан төгилиў менен жуўмақланар екен.

Аллаҳ таала бәршемизди Ѳзиниң туўры жолынан адастырмасын, Әмин.

Мадаминзода Абдулатиф Бахытлыжон улы.

Muslim.uz сайтынан Қараѳзек районы «Айымбет ахун» мешити имамы Мамбеткаримов Хайрулла таярлады.

Тэглер

Дин