Фото

Келиспеўшилик

18 Январь, 2023 316

Келиспеўшилик

Айырым шахс ҳәм жәмәәтлер өзлеринен ислам жетекшилерин жасап алады. Олар өз мақсетлерин, пикирлерин, жобаларын ҳәм стратегияларын дүзип алып кейининен Қураны кәриймнен сол мақсетлерин қоллап-қуўатлайтуғын ҳүжжет излейди. Олар өзлерин динге ериўшилер емес, ислам жетекшилери деп есаплайды.

Әйне усы ис Аллаҳға қарсы барыў болып табылады. Исламды жалғанластырыў болып табылады. Әне усы кесапатлар себеп майданда «орташа ислам», «радикал ислам», «сиясий ислам», «ислам экстремизми», «ислам терроризми» усаған атамалар пайда болды.

Тийкарынан ислам бир. Оны Қураны кәрийм ҳәм суннати набаўийя билдиреди. Әне усы негизги исламды билдиретуғын Қураны кәриймди ҳәм суннати набаўийяны тек ғана пәкизелер пәмлеўи мүмкин.

Аллама Абул Ҳасан Надўий раҳимаҳуллаҳ өзиниң шығармасында:

«Бул китапты жазыўдан мақсетим бир идеяға тийкар салып кейининен тарийхты сол идеяға бойсындырыў емес. Тарийхты қалыс (әдил) үйрениў».

Биз өз кѳз-қарасымызқа диннен ҳүжжет-дәлил излеўимиз керек емес, бәлки кѳз-қарасымызды динге масластырыўымыз керек. Динди биз емес, керисинше дин бизди басқарады!

Фазлиддин Салимов.

Muslim.uz cайтынан Тахтакѳпир районы «Абдулкәрийм ахун» мешити имамы Ильяс Аметниязов таярлады.

Тэглер