Фото

Глобал тынышсызлық сергекликке шақырады

18 Январь, 2023 271

Бүгин биз жасап атырған дәўир илим, техника - технологиялардың раўажланған ҳәм жоқары мүмкиншиликлер есиги ашылған дәўир есапланады. Буны бир сөз бенен айтқанда глобалласыў әсири деп атаў мүмкин. Бул дәўир өзиниң информация ағымының тезлиги, интеграцияласыў ҳәм шериклик байланысларының күшейтиўи, заманагөй коммуникациялардың жолға қойылыўы сыяқлы тәсирлери арқалы көринетуғын болмақта. Соны да айрықша айтыў керек, бул дәўир кең мүмкиншиликлер дәўири болып ғана қалмастан, бәлки ол ҳәзирги шараятта идеология, идеологиялық тәсир өткериўдиң өткир қуралына да айланып, инсанның өмирине ҳәм ол жасап атырған жәмийетке тәсир өткизиўи мүмкин.

Мәмлекет ҳәм сиясат ғайраткерлери, философлар ҳәм жәмийет таныўшы илимпазлар, шолыўшылар ҳәм журналистлер, тез пәт пенен өзгерип баратырған, глобалласыўды жоқары технологиялар заманы десе, кимдур ойлаў әсири, тағы биреў жалпы информацияласыў дәўири ретинде анықлама берип атыр. Ҳақыйқаттан да, бул пикирлердиң барлығында мәлим мәнисте ҳақыйқат, толық мәнис бар. Глобалласыў тағы сондай процесс, оны терең үйренбеў, оннан пайдаланыў стратегиясы, тактикаси ҳәм технологиясын ислеп шықпаў мәмлекет экономикасы ҳәм мәденияты, руўхыйлығын таўдан түсип атырған күшли дәрья ағымына басқарыўсыз қайықты тапсырып қойыў менен теңдей болады. Глобалласыў процесинде информация технологиялары, әсиресе интернет жаслар күнделик өмириниң ажыралмас бөлегине айланды. “Информация әсири” деп аталап атырған ҳәзирги заманда мағлыўмат алыў ҳәм информация алмаслаўдың қолай қуралы интернет болып табылады. Бирақ бул тармақта ҳәммеси аралас, ақ пенен қара, жақсылық пенен жаўызлық орын алған. Мағлыўмат тарқатыў, бизнес ҳәм реклама ушын үлкен майданға айналған глобал тармақты бақлаўдың мүмкиншилиги жоқ. Көпшилик жаслар интернетти мағлыўмат алыўдың тийкарғы дәреги деп қарайды. Интернетге жаңалықлардан хабардар болыў, дослар менен ушырасыў, музыка ҳәм кино жазып алыў ушын кирип атырған жаслар, усы информация алмасыўы арқалы көринбес қәўиплер ҳүжими астында қалып атырғанын сезбей атыр. Нәтийжеде болса базылары бундай қәўиплердиң жәбирлениўшисине айланып атыр. Инсан санасына қәўип салыўшы ис бул нәпсиқаў нийетте надурыс хабарлар ямаса бузғыншылыққа қаратылған идеяларды тарқатыў арқалы жаслар санасын зәҳәрлеўге қаратылған ҳәрекетлер болып табылады. Бул қәўиплер тәсирине түскен адамның келешекке исеними пәсейеди ямаса толық жоғалады.

Глобал тармақ арқалы киятырған информация ямаса мағлыўматлардың көбиси инсаниятты қәўипли жолларға баслаўын, бул мағлыўматлардың ҳәммеси де туўры мағлыўматлар емеслигин, еле санасын ойы ҳәм исеними толық қәлиплесип үлгирмеген жаслар түсинип етпей атыр. Сол себепли жасларда хабар ҳәм мағлыўматларды анализ ета алыў маманлығын пайда етиў зәрүр. Болмаса, ҳәр қандай хабар ҳәм, туўры ҳәм қалыс бола бермейди. Ҳәр бир мағлыўматты тексериў ҳаққында Аллаҳ таала сондай дейди: Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер сизлерге бир фасық хабар келтирсе, сизлер (ҳақыйқый аўҳалды) билмеген ҳалыңызда бир қәўимге зыян жеткизип қойып, (кейин) еткен ислериңизге пушайман болмаўыңыз ушын (ол хабарды) анықлап (тексерип) көриң! (Ҳужурот, 6 ). Абайсызлық ҳәм итибарсызлық адамды руўхый бузылыў ҳәм өзи билмеген ҳалда қуллыққа жүргизеди. Солай екен жәмийеттиң турақлылығына қәўип салатуғын, терракт, бийҳаялық, жалатайлық, бузғыншылық кейипиндеги глобал тармақтағы сайт ҳәм топарлардан еркин болыў дәркар.

Бүгин халық аралық мүнәсибетлер системасында өз орнына, өз сөзине ийе болған, демократиялық базар реформаларын ҳәм экономиканы либералластырыўды еле де тереңлестириў, халық аралық жәмийетшиликке барған сайын көбирек интеграцияласыў, күшли пуқаралық жәмийети қурыў жолынан баратырған Өзбекстан ушын глобалласыў процесиниң қатар унамлы ѳзгешеликлери бар екенлигин бийкарлап болмайды, бирақ усы процесстиң унамсыз ѳзгешеликлери де бар екенлигине, әсиресе, жәҳәнде күшлер қатнасын қайта көрип шығыўға болған урыныслар барған сайын күшейип баратырған бир дәўирде стихияли раўажланып баратырған глобалласыў процеси оның басламашылары ҳәм қәўендерлери қолында салыстырып болмайтуғын күшли қурал ўазыйпасын атқарып атырғанлығына да итибарсызлық пенен қарап болмайды. “Ғалабалық мәденият” деген нықап астында этикалық бузықлық ҳәм зорлық, индивидуализм, эгоцентризм идеяларын тарқатыў, керек болса, соның есабынан байлық арттырыў, басқа халықлардың нешше мың жыллық дәстүр ҳәм қәдириятлары, турмыс тәризиниң руўхый негизлерине ҳүрметсизлик, оларды жоқ етиўге қаратылған ҳәрекетлер адамды ўайымға солмай қоймайды”. “Глобал қәўип” тиң тағы бир тәрепи сонда, ол турақлы түрде қаржыландырылып турыўды талап етпейди, керисинше, бузықлық, мәдениятсызлық, келешекке исенимсизлик, ҳуқықый нигилизм, өз жанына қас қылыў, порнография, зорлық, алкоголизм, нәшебентлик ҳәм сол сыяқлы жат иллетлерди таратыўшы фото, аудио, видео ҳәм басқа көринистеги материаллар, түрли баспалар, глобал информация тармағына жайластырылған миллионлап сайтлар олар ушын турақлы дәрамат дәреги ўазыйпасын да атқарады. Бул болса, пүткил инсаният тәғдири күтә үлкен қәўип астында қалыўы мүмкинлигин аңлатады. Бул сыяқлы факторлар бизиң Ўатанымыз, оның бүгини ҳәм ертеси ушын да үлкен қәўип дәреги екенлигин көрсетеди. Сол себепли жаслар санасын ийелеўге урынып атырған идеологиялық ҳәрекетлерге қарсы гүресиў, халқымыздың миллий қәдириятларын, руўхыйлығымызды қәстерлеп сақлаў ҳәмийше мәмлекетимиздиң дыққат-итибарында болыўы тәбийий. Солай екен, бул мәселе бәркәмал әўладты қәлиплестириў процесинде ең зәрүрли мәселелерден бири болып қала береди. Оған итибарлы болыў, мәселениң түпкиликли түбирине жетип барыў ҳәм оны шешиў болса, бүгинги күнимиздиң ең тийкарғы талабы болып табылады.

О. Машарипов.

Zamaxshariy.uz cайтынан Мойнақ районы «Қарақум ийшан» мешити имам-хатиби Садиков Абдираззақ таярлады.

Тэглер