Фото

Бир-биримизге жәрдем бериў - ағла пазийлет

17 Январь, 2023 276

Әлбетте, бир мусылманның басына түскен сынаўлы күнлерде жәрдем қолын созыў Муҳаммад алайҳиссаламның сүннетлеринен. Абу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдиси шәрифте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким бир мѳминнен бул дүнья машақатларынан бирин жеңиллетсе, Аллаҳ таала Қыямет күни оның машақатларынан бирин жеңиллетеди. Ким бир камбағалдың исин жеңиллетсе, Аллаҳ оның бул дүнья ҳәм ахырет ислерин жеңиллетеди», деб баян еткен.



Бүгинги күнде тәбият ынжықлықларының бири, яғный, суўық ҳаўа райында халқымыз сынаўлы күнлерди басынан өткермекте.

Бул сынаўлы күнлер кеңпейил халқымызды, әсиресе сахый инсанларды жәмлестирип, жоқары пазыйлетлердиң бири болған инсаныйлығымызды ҳәм қайырқомлығымызды еле де арттырмақта.



Көпшилик инсанлар саўаплы истиң басында. Қыйын-қыстаўлы дәўирде халқымыз бир-бирине инсаныйлық жәрдем қолларын созып, ѳткинши қыйыншылықларды бирге жеңип өтпекте.



Айырым тараў ўәкиллери халқымыз ушын транспорт қуралларынан бийпул хызмет кѳрсетсе, айырымлар, ыссы шай менен тәмийинлемекте. Базы сахый инсанларымыз болса тәбийий газ басымы тѳмен болған аймақларғы тас кѳмир ҳәм отын түсирип бермекте. Қулласы халқымыздың бундай сақаўатлық ислерин кѳплеп айта бериўге болады. Солар қатары Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы мешит имам-хатиблери орынлардағы исбилермен, сақаўатлы инсанлар қайырқомлығында жәрдемге мүтәж шаңарақларға ѳзлериниң материаллық ҳәм руўхый жәрдемлерин кѳрсетпекте.


Атап айтатуғын болсақ, Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» мешити тәрепинен райондағы «Кѳкдәрья» АПЖ турғынына азық-аўқат ѳнимлери, Беруний районы «Султан ўәйис баба» зияратгаҳ мешити тәрепинен райондағы Абай АПЖда 81 адамға ыссы аўқат тарқатылды ҳәм район бас имамы Н.Юсупов тәрепинен бүгинги қыстың қыраўлы, суўық күнлери бир-биримизге сүйениш болып, шүкиршилик етиўимиз, қайырқомлық ислерин алып барыўымыз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти. Сондай-ақ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Бозатаў районы «Сүйин ийшан баба» мешити менен биргеликте, қәўендерлер кѳмеги менен райондағы «Аспантай» АПЖда жасаўшы нәгиран перзентлери бар болған, жәрдемге мүтәж шаңарақларға кийим-кеншеклер, ун, ѳсимлик майы ҳәм денсаўлығын тиклеў ушын дәри-дәрмақ сатып алыў ушын қаржылар жәрдемлер берилди, олардың машқалалары үйренилди. Тахтакѳпир районы «Халық» мешити тәрепинен райондағы «Айдын жол» МПЖда жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақтың ҳалынан хабар алып, мектеп жасындағы баласы ушын қысқы кийимлер ҳәм да Шымбай районы «Хан» мешити тәрепиненен райондағы 15 шаңараққа 3 тонна кѳмир берилди.


Бундай қайырқомлық илажлар даўам етпеке.


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты