Фото

ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ 20-ИЮЛЬ КҮНИ БЕЛГИЛЕНЕДИ

13 Июль, 2021 1136

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мүбәрек Қурбан ҳайытының халқымызға тән болған инсаныйлық, меҳир-мириўбет, сақаўат ҳәм ѳз-ара аўызбиршилик сыяқлы пазийлетлерди қарар таптырыўдағы зәрүрли әҳимийетин итибарға алып ҳәм де миллий-диний қәдириятларымызды кѳтермелеў мақсетинде:

1. Ѳзбекстан мусылманлары басқармасының 2021-жылда Қурбан ҳайытының биринши күни 20- июль күнине туўры келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, мәмлекетимизде 2021-жыл 20-июль күни Қурбан ҳайыты байрамы етип белгиленсин.

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-майдағы “Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрьдеги “2021-жылда рәсмий сәнелерди нышанлаў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин кѳшириў ҳаққында”ғы ПФ-6122-сан Пәрманына ѳзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы ПФ-6222-сан Пәрманы менен 2021-жыл 21-22-июль күнлери де дем алыс күнлери ретинде белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм де жәмийетлик шѳлкемлери менен биргеликте Қурбан ҳайытын карантин талапларына әмел ете отырып, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине уйқас түрде шаңарақ әтирапында ѳткериў абзаллығы ҳаққында кең түсиндириў жумысларын әмелге асырсын.

3. Ѳзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Ѳзбекстан Миллий хабар агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын байрамлаў менен байланыслы илажларды кең түрде жарытыў усыныс етилсин.

4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Ѳзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁEВ

Тэглер