Инсаният өмири даўамында ийгиликли мақсетлерге жетисиў ушын ҳәр дайым изленеди ҳәм ҳәрекетте болады. Жақсы нийетли инсан арзыў-үмитин әмелеге асырыў ушын ең үлкен таяныш, тынышлық ҳәм пәраўанлықдур. Ел-журтта тынышлық даўам етсе, мәмлекет раўажы, пәрўанлығы, журт әҳлиниң турмысы абат болады. Халқымыз тынышлық ҳәм пәраўанлықты қәлеп, күнделик турмысында бир қатар диний ҳәм миллий пазыйлетлерди әмелге асырады. Мәселен: олар бир-бири менен көрискенде Ассаламу алайкум деп сәлем берип, Жаратқан Рәббимизден бир-бирине тынышлық, аманлық сорайды. Ҳәр бир баслаған исимиз үстинде тынышлық болсын деп, келешек ушын жақсы нийетлер қылады. Шаңарақта жаңа мийман туўылса, нәрестеге узақ өмир, бәлент мәртебе, оның бахтына тынышлық, еки дүнья абыройы ҳәм бахыт-саадат берсин деп Аллаҳ тааладан сорайды. Бир сөз бенен айтқанда, инсаниятқа, өсимликке, шарўа-малға, қурт-қумырсқаға ҳаўадай зәрүр болып атырған тынышлық-пәраўанлықтан да артық, уллы неъмат жоқ. Ҳақыйқатта, Аллаҳ сақласын, шаңарақ ҳәм журт тынышсыз болса, той-тамаша, ҳәзил-дәлкек ҳәм өмир ләззетин көз-алдымызға келтирип болмайды. Инсан бирде бир луқманы биймәлел жута алмайды, ҳәр қандай сарайдай ҳәўли-жай, мал-дүнья, бала-шаға инсан денесине аўырлық қылады. Тынышсызлықлар себебинен меҳир-ақыбет, инсаныйлық умытылады, ҳәр қандай қайырлы әмеллер, уллы-уллы мақсетлер ақырына жетпейди. Жер қаншелли кең болыўы менен соншелли тар көринеди. Демек, тынышлық неъматын сораўда дана халқымыз қаншелли туўры ҳәм шырайлы жол таңлаған.
Жәннетмакан журтымызда тынышлықты тәмийнлеў жолында үлкен ис алып барылып атырғанлығы бизиң үлкен бахтымыз. Сол себепли биз ҳәм тыныш, ҳәм пәраўан турмыстың қәдирине жетиў, бул пәраўан турмысымыздың даўамыйлығын тәмийнлеўде өз үлесимизди қосыўымыз лазым. Бул арқалы турмысымыз пәраўанлығына ерисемиз. Ҳәдиси шәрифте айтылғанындай, “Еки ең әзиз неъмат бар, көпшилик оның қәдрине жетпейди, бул еки неъмат саламатлық ҳәм тынышлық”, деп айтылған. Демек, бизге Аллаҳ таала усындай уллы неъматты берип қойғанына көп шүкир қылыўымыз керек. Басқа журтларда адамлар усы неъматқа зар болып, Аллаҳ тааладан күн-түн сорамақта. Себеби, пүткил дүнья халықларының дыққат орайында турған – терроршылық шөлкемлер жаўызлық ҳәрекетлерин еле даўам еттирмекте. Олар өзлериниң жаман ҳәрекетлери менен бәршениң наразылығына, көплеп инсанлардың нәлетине дуўшар болып атыр. Не себеп? Нәресте баллардың қанын төгип ата-анасынан айырып, базыларын перзентлеринен айырып атыр. Балам, қулыным деп жылап атырған ата-аналардың наласы, ата-анам деп жылап атырған жетимлердиң обалы урмайдыма? Әлбетте, урады.
Аллаҳ таала бенделерин өз-ара бирликте, дослықта, тыныш-аманлықта жасаўға шақырған. Иләҳий китаплардың ҳеш бири қан төгиўге шақырмаған, керисинше, тынышлық, аманлықты ҳәмме нәрседен үстин қойған. Қураны Кәриймде урыс шығарыў ушын қылынған “Фитна, ала аўызлық өлимнен де жаманырақ”, деп айтылған.
Абдулазиз Идрисов, Елликқала районы «Абдулла норинжоний» жоме мешити имам-хатиби.