5-январь күни Ташкент ўәлаятында халық депутатлары Ташкент ўәлаяты кеңесиниң нәўбеттен тыс сессиясы болып ѳтти. Сессияда Ѳзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Сессияда қатнасқан «Xabar.uz» ўәкилиниң айтыўынша, видеоселектор кѳринисинде ѳткен сессияда Президент Шавкат Мирзиёев сѳзге шығып, пуқараларды муқаддес Ҳаж зыяратына жибериў мәселесине де тоқталып ѳтти.
«Енди ҳажға қандайдур саўдагерлер емес, таза адамлар жибериледи. Адасқан ўатанласларымызды кепилликке алатуғынлар ҳажға барады. Бундайлар кем болса, ҳаж квотасы да кемейеди», деп айтқан мәмлекет басшысы.
Еслетип ѳтемиз, алдынырақ 2018-жылы бәҳәр мәўсиминде 8500 адам, рамазан айында 1500 пуқараларымыз умра зыяратына барған еди, «Умра — 2018» бәҳәр мәўсими 2018-жыл 1 февралдан басланыўы режелестирилгени мәлим етилген еди.