Өзин-өзи өлтириў бул — инсан тәрепинен өз өмирин билқастан тоқтатыў болып есапланады. Бул ҳәрекет қатты қараланып, Аллаҳ тәрепинен берилген өмирге қастыянлық қылыўдай үлкен гүна есапланады.
Аллаҳ таала Қураны кәрим «Ниса» сүресиниң 93-аятында былай дейди: «Ким қастан бир мөминди өлтирсе, оның жазасы жәҳәннем болып, сол жерде мәңги қалажақ. Ҳәм ол Аллаҳтың ғәзеби ҳәм нәлетине дуўшар болған, Аллаҳ оның ушын уллы азапты таярлап қойған болады».
Ҳәдийси шәрипте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Өзин бир нәрсе себебинен өлтирген адам, әлбетте жәҳәннемде бир өмир, үзликсиз азапланады» — деген (Имам Бухарий рәўияты).
Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз жанына қас қылыўды қаралап, өмир деп аталған уллы нағметтиң қәдирине жетиў кереклиги ҳәм адамларды бундай ҳәрекетлерден пүткиллей қайтарыў мақсетинде өзин өлтирген адамның жаназасын оқымаған. Әййемги фақиҳлар азапланыў ямаса тутқынға түсиўден қутылыў ушын өзин-өзи өлтириў ҳарам екенлиги ҳаққында келисимге келген.
Ибн Ҳазм айтады: «Фақиҳлар адамның өзин-өзи өлтириўи, ағзаларынан қайсы бирин болса да кесиўи, әсиресе, кессе аўырыўы өмир ушын жүдә қәўипли болған ағзасын кесип даўаламастан өзин-өзи қыйнаўы ҳадал емес екенлиги ҳаққында келисимге келген».
Сондай-ақ, және көплеген дереклерде фақиҳлар тәрепинен адамның тыныш-татыў өмирде өзин-өзи өлтириўи былай турсын, өзине өлим тилеў де қараланғаны, ал душпан менен болған гүреслерде имканы барынша өзиниң өлтирилиўине мүмкиншилик бермеўи кереклиги айтылады.
Имам Қуртубий Қураны кәримниң «Нисо» сүўресиндеги: «Бир-бириңизди өлтирмең!», — ҳаққында пикир билдирип, онда инсанлар бир-бирлерин өлтириўликтен қайтарылған болса да, адамның өз жанына қас қылыўын өз ишине алады» — дейди.
Әсиримиздиң жанкүйер уламалары усы сөзлерди дәлиллеў мақсетинде: «Қуран аятлары ҳәм ҳәдийслерде баян етилген өзин-өзи өлтириў ҳаққындағы қадаған етилген көрсетпелердиң бар екенлиги, оның ҳарам әмел екенлиги, ал соның менен бирге өз-өзинен ҳеш қандай ҳүжжеттиң жоқлығы оның шариаттан тыс әмел екенлигине дәлил болады», — дейди.
Заманагөй шығарылған пәтиўалар жуўмағында бундай ҳәрекетлер ўақтында өлген кимсе шаҳид болмайтуғынлығы ҳәм оны шаҳид деп атаў да мүмкин емеслиги, керисинше, бул әмеллер өзин-өзи өлтириў ҳәм өз жанына қас қылыў деп уқтырылады.
Абдулазиз Идрисов, Елликқала районы “Абдулла норинжаный” жоме мешити имам-хатиби