Орта әсирлерде тәбийий илимлердиң раўажланыўында Маўарауннаҳр алымларының үлеси үлкен болған. Бул дәўирде Маўарауннаҳр ҳәм Хорасан пүткил мусылман дүньясына өзлериниң араб, парсы, түрк тиллеринде жазылған шығармалары менен танылған. Бағдадтағы Маъмун академиясы узақ жыллар даўамында бир қанша елимиз алымлары тәрепинен өз жумысын алып барғаны айрықша дыққатқа ылайық.
Тәбийий илимлердиң раўажланыўында Әбиў Наср Фарабий, Муўса Хорезмий, Аҳмед Фарғаний, Әбиў Райҳан Беруний, Әбиў Али ибн Сино, Улуғбек, Али Қусшы сыяқлы тулғалар бул бағдардың жарқын жулдызлары болып, илимөпәнниң тиклениўине әҳмийетли ,леслерин қосқан. Олар тәрепинен қолға киргизилген илимий жетискенликлер кейин ала Батыс цивилизациясының раўажланыўына түртки болып, Ояныў дәўирин баслап берди.
Белгили батыс изертлеўшиси Жорж Сартон өзиниң «Илим тарийхы» атлы шығармасында, илимди әсирлерге бөлген. Ол ҳәр бир шығарманы сол дәўирде жасаған илим-пәнниң уллы алымлары аты менен келтирип, 750-1100 жыллар аралығында бирде-бир мусылман емес адамның атын жазбаған. Үлкемиз алымлары да инсаният тарийхында Шығыс Ренессансы деп тән алынған IX-XII әсирлердеги илим-пәниниң раўажланыўына теңсиз үлес қосқан.Абдулазиз Идрисов, Елликқала районы «Абдуллаҳ норинжоний» жоме мешити имам-хатиби