Фото

Инсанларға пайда тийгизиў - мѳмин-мусылманға тән қәсийет

21 Январь, 2025 1588

Мусылман адам ҳәр күниниң қәдирине жетип, оны ѳткен күнинен кѳре кѳбирек ҳәм жақсырақ саўаплы ислер менен ѳткериўге ҳәрекет қылыўы керек. Ѳткен күндеги ислерине кеўли толып, сол ис пенен шекленип қалыўы кәмил мѳминниң иси емес. Динмиздиң кѳрсетпелеринде ѳзгелерге жақсылық үлесиў, әсиресе, ҳәзирети инсанның еки дүнья бахыты ҳәм пайдасы жолында хызмет етиў, бул жалғыз олар ушын емес, бәлки ең алды менен ѳзи ушын пайдалы екенлигин еслетеди. Инсанларға пайда келтириўши кимсе Аллаҳ таала ушын ең сүйикли бенделерден есапланады. Ибн Умар разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдиси шәрийпте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таалаға инсанлар ишинде ең сүйиклиси, адамларға ең кѳп пайда келтиретуғыны» деген (Имам Табараный рәўият қылған).

Қураны кәрийм аятларында инсаныяттың утысы ҳәм жетискенлиги әйне жақсылық үлесиўде екени айтып ѳтилген ҳәм буның менен мѳмин-мусылманларды ѳз-ара бир-бирине пайда келтирип жасаўға қызықтырылған. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Руку қылың, сәжде қылың ҳәм Рәббиңизге ибадат қылып, жақсылық қылың, қәнекей утысқа ериссеңиз!» (Ҳаж сүреси 77-аят).

Дүньяда саўапқа, жақсылыққа алып баратуғын ислер жүдә ҳәм кѳп. Сондай ислерден, ата-анаға жақсылық қылыў, қоңсы-қобасы, аға-иниси, туўған-туўысқанлары, аўыл-аймағындағы жәрдемге мүтәжлерге, қәўендерсизлерге кѳмек бериў, инсанлар арасына илим мәрипат, нурларын таратыў усындай ислерден. Қысқа қылып айтқанда мусылман адамның ийгиликли нийетте қылған жәмийетке, инсанларға пайда келтиретуғын бәрше ислери бар екен, нийетинде Аллаҳ тааланың разылығын табыў болса, ҳеш қандай гүмансыз оған ибадат деп қаралады. Уллы саҳаба Жабир разыяллаҳу анхудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә сәллам: «Ҳәр бир жақсылық садақа» деп айтқанлар (Имам Термизий рәўияты).

Солай екен, мусылман адам ҳәмме ўақытта халық хызметинде болыўға ҳәрекет қылыўы ҳәм халыққа пайда келтириў, халық дәртине дәрмән болыўды ѳзине мақтаныш деп билиўи дәркәр.

Пайғамбарымыз Саллалаҳу алайҳи ўә сәллам: «Ким ѳзгениң қәжетин шығарса, Аллаҳ оның қәжетин рәўә қылады. Ким бир мусылманның тәшўишин кеткизсе, Аллаҳ оның Қыямет күниндеги тәшўишлеринен бирин жеңиллетеди» деди.

Аллаҳ таала бир-биримизге дәлде болатуғын, пайдасы кѳп тийетуғын мусылманлардан қылсын!

Арзыўбай Юсупов, Кегейли районы «Мағзан ийшан» жоме мешити имам хатиби.

Тэглер