Бүгин Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити мәжилислер залында усы жылы январь айында Умра зыяратына барыўшы пуқаралар менен ушырасыў болып ѳтти. Онда Нөкис районы «Камал Ахун» жаме мешити имам-хатиби Б.Алимбетов ҳәм зыяратқа барыўшыларға басшылық етиўши Шымбай районы бас имамы Ильяс Қазақбаев қатнасты.
Ушырасыўда Нөкис районы «Камал Ахун» жаме мешити имам-хатиби Б.Алимбетов зиярат әдеби ҳәм тәртиби, соңғы жылларда елимизде бир қанша өзгерислер, раўажланыўлар, алға илгерилеўлердиң жүз берип атырғанлығы, солар қатары динимиз, бай тарийхымыз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиздиң қайта тикленгенлиги, ғәрезсизлик дәўири Ўатанымыз ушын ҳақыйқаттанда руўхый тиклениў ҳәм илгерилеў дәўири болғанлығы ҳаққында айтты.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты