Фото

Пуқараларымыз Умра зияратына жѳнеп кетти

08 Январь, 2025 769

Бәрше мөмин-мусылманлар үлкен саўапларға ерисиў ҳәм гүналардан пәклениўден үмит еткен ҳалда Умра ибадатын ада етиўге умтылады.

Аллаҳ таала Қурани Кәриймде: “Ҳаж ҳәм Умраны Аллаҳ ушын толық ада етиң”, – дейди. Сондай-ақ, Умра ибадаты ушын үлкен саўаплар, дәрежелер ўәде етилген. Пайғамбарымыз алайҳиссалам да өзиниң ҳәдиси-шәрийплеринде: “Умра-умраға шекемги болған қәтелерге кәппаратдур”, – деп мәрҳамат еткен.

Усы жылы 7-январь күни елимизден Умра зияратын ада етиў ушын кеткен 48 пуқараларымыз Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып, Умра әмеллерин орынлаў мақсетинде Нѳкис халықаралық аэропортынан жѳнеп кетти. Оларды Нөкис халық аралық аэропортынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси ўәкиллери ҳәм умрашылардың жақын туўысқанлары ҳәм ғалаба хабар қурал хызметкерлери шығарып салды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер