Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы абаданластырыў, тазалаў ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары менен жақыннан танысыў ушын Қараѳзек районына барды.
Райондағы «Идрис ийшан» мешити әтирапындағы тазалық, абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Орайлық «Идрис ийшан» жоме мешитинде «Исламда Ўатанаға муҳаббат» темасында баянат жасады. Елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, мешитлерде қолай шараятлар жаратыў мазмунында сәўбетлести.
Сапар жуўмағында Қараѳзек районы бас имамы А.Идрисовқа мешитлердеги шараятлардан хабардар болып турыў, ѳрт қәўипсизлик қәделерине қатаң әмел етиў бойынша тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.