Фото

Диний қәнигелер қатнасыўында мәденият сааты өткерилди

09 Январь, 2025 886

Усы жылдың 9-январь күни Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешитиниң мәжилислер залында ZOOM платформасы арқалы Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасы доценти, юридика пәнлери кандидаты Қабулов Хожабай Алдашович «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам» ның мақсети ҳәм диний шөлкемлердиң жумысын тәртипке салыў мәселелери темасында баянат жасады. Онда республикамыздағы мешитлерде жумыс алып барып атырған барлық имам-хатиб ҳәм имам найыплары қатнасты.

Қарақалпақстан мусулманлары қазыяты қазысы Б.Разов диний тараўдағы ѳзгерислер, имам-хатиблеридиң ўазыйпалары, олар арасында тәртип-интизам ҳаққында айтып ѳтти.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер